“Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 20-октябрдеги Халық бәнтлиги туўрысында”ғы Қарарына тийкар 2021 жыл 4 айда Шымбай районлық Халықтың бантлигине көмеклесиў орайына жәми 9509 пуқара мүрәжат қылған, соннан 4632 ҳаял қызлар ҳәмде 2755 жаслардан ибарат болған болса, мүрәжат еткенлердиң 510 пуқара орай тәрепинен жумысқа орналастырылды.
Сондай-ақ районда жумыссыз әсиресе жаслар ҳәмде ҳаял-қызларды Шымбай районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен 2021-жылда жумыссыз пукараларды кәсипке қайта оқытыў ҳәм қәнийгелигин асырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў қалаберсе өнерментшиликти қоллап-қуўатлаўлар мақсетинде райондағы Темир жол гузары мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 49-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыў имаратынан 3 хана ажыратылды. Бул оқыў орайында төмендеги жөнелислер бойынша жумыссыз пуқараларды қысқа муддетли оқыў орайы шөлкемлестирилди.