Район ҳәкими Айбек Тажетдинов районлық медицина бирлеспесинде шыпакерлер менен ушырасып олардың жумыслары ҳәм машқалары менен танысып, ашық сәӯбетлесиӯ өткерди.
Бүгинги күнде бирлеспеде жумыс алып барып атырған ҳәр бир шыпакер халық саламатлығына үлкен итибар қаратыӯ керек екенлиги атап өтилди.Сондай-ақ ашық сәӯбетлесиӯде журналистлер өзлериниң қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.