Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 23-март күнги “Ҳалық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда жәнеде қолай шәраятлар жаратыў, бул бойынша бюрократик тосықларды қыскартырыў бойынша қосымша ис-илажар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық 2021-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик органлары, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыў ҳәкимияты органлары, мәмлекетлик уйымлары ҳәм мекемелери тәрепинен пуқаралардан, соныӊ ишинде исбилерменлик субектлеринен төмендегилерди талап етиў бийкарланады:
а) төмендеги фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди:
руўҳый кеселликлер бойынша диспансер есабында туратуғынлығы яки турмайтуғынлығы;
наркология бойынша диспансер есабында туратуғынлығы яки турмайтуғынлығы;
судланғанлық;
мәнзил-мағлыўмат мәлимлесеми;
пуқараныӊ атында жеке меншик турақ-жай барлығы яки жоқлығы;
турақ жайдыӊ майданы;
салық қарыздарлығы барлығы яки жоқлығы;
салық төлеўши физикалық шахстыӊ мәмлекетлик салық органларында есапқа қойылғанлығы;
пенсия ҳәм напақа муғдары;
пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде барлығы яки жоқлығы;
неке дизимге алынғанлығы, некеде турғанлығы яки некеден ажыралғанлығы;
б) төмендеги ҳүжжетлерди:
шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиӊ нусқасы;
шахстыӊ белгиленген формадағы фотосүўрети;
медицина-социаллық эксперт комиссияларыныӊ мағлыўматнамалары;
мийнет дәптершелери ҳәм олардыӊ нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир мийнет системасы” мекемелерара дәстүрий-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буннан тысқары);
ис ҳақы ҳәм стажы, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мекемелеринде оқығанлығын тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир мийнет системасы” мекемелерара дәстүрий-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буннан тысқары);
кадастр хүжжетлери ҳәм олардыӊ нусқалары.
Бунда, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери физикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде, жумысқа қабыл етиў барысында ҳәм ҳәкимшилик тәртип-принциплерди әмелге асырыўда усы жоқарыда көрсетилген ҳүжжет ҳәм мағлыўматнамаларды белгиленген мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлеринен ғәрезсиз, соныӊ ишинде “Электрон ҳүкимет” системасы мекемелерара интеграцияласыў платформасы арқалы сорап алынады.
Жоқарыда көрсетилген ҳүжжет яки мағлыўматнамалардыӊ мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен ҳалықтан талап қылыныўы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.
Айырым түрдеги мағлыўматлар ҳәм электрон көринисиндеги ҳүжжетлерди “Электрон ҳүкимет” системасы мекемелерара интеграцияласыў платформасынан пайдаланған ҳалда бериў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиӊ
ДИЗИМИ
Т/с | Мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер аты | Мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди бериў ушын жуўапкер ўәкилликли ўйымлар |
1. | Руўҳый кеселликлер бойынша диспансер есабында туратуғынлығы яки турмайтуғынлығы ҳаққында мағлыўмат | Ден саўлықты сақлаў министрлиги |
2. | Наркология бойынша диспансер есабында туратуғынлығы яки турмайтуғынлығы ҳаққында мағлыўмат | |
3. | Медицина-социаллық эксперт комиссияларыныӊ мағлыўматнамалары | |
4. | Судланғанлық ҳаққында мағлыўмат | Ишки ислер министрлиги |
5. | Мәнзил-мағлыўмат мәлимлесеми | Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик персоналластырыў орайы |
6. | Паспорт мағлыўматлары | |
7. | Шахстыӊ белгиленген формадағы фотосүўрети | |
8. | Солиқ қарзи мавжуд ёки мавжуд эмаслиги тўғрисида маълумот | Мәмлекетлик салық комитети |
9. | Салық қарыздарлығы барлығы яки жоқлығы ҳаққында мағлыўмат | |
10. | Пуқараныӊ атында жеке меншик турақ-жай барлығы яки жоқлығы ҳаққында мағлыўмат | Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги |
11. | Турақ жайдыӊ майданы бойынша мағлыўмат | |
12. | Кадастр ҳүжжети мағлыўматлары | |
13. | Пенсия ҳәм напақа муғдары ҳаққында мағлыўмат | Финанс Министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры |
14. | Пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде барлығы яки жоқлығы ҳаққында мағлыўмат | |
15. | Ис стажын тастыйықлаўшы мағлыўматлар | Бәнтлик ҳәм мийнет министрлиги |
16. | Ис ҳақы ҳәм стажын тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамасы | «Ўзархив» агентлиги, министрликлер ҳәм мекемелер |
17. | Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мекемелеринде оқығанлығын тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары | «Ўзархив» агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги |
18. | Туўылыў, өлим, неке дизимге алынғанлығы, некеде турғанлығы яки некеден ажыралғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар | Мәмлекетлик хызметлер агентлиги |
Шымбай районы мәмлекетлик хызметлери орайы қәнийгеси Р.Төрениязов