Жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқуқый мәдениятын раўажландырып барыў, мәмлекетимиз Конституцияси ҳәм басқада Нызам ҳүжжетлерине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде Шымбай районлық Мәденият бөлиминде “Жаслар ҳәм нызам” таңлаўының финал басқышы шөлкемлестирилди.
Бунда окыўшы жаслар “Суд мәжлислери модели”, “Ҳуқықый реформалар басқышы”, “Жасларға тийисли нызамшылық-жаслар көз қарасында”, “Ҳуқықыңды аңла” шәртлери бойынша беллести.
Таңлаў жуўмағына көре 1-орынды 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң “Әдиллик” топары, 2-орынды 5-санлы мектептиң “Әдалат”, 3-орынды 12-санлы мектептиң “Қалқан” топары қолға киритти.
1-орын жеңимпазы таңлаўдың кейинги Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолланбаны қолға киритти, сондай-ақ таңлаў қатнасыўшылары Жаслар шөлкеми тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.