“Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген шаңарақлар менен ислесиў бойынша тапсырмалар берилди

“Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген шаңарақлар менен ислесиў бойынша тапсырмалар берилди

21.05.2021 19:37:27 247 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимиз басшысының усы жылдың 18-19 февраль күнлери Наманган ўәлаятына болған сапары даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлигине район (қала) сектор басшыларының “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не  киргизилген шаңарақлар менен ислесиў бойынша секторлар жумысларын баҳалап барыў мақсетинде ҳәр шеректе социаллық сораўнамалар өткериў арқалы пуқаралардың секторлардың жумысларына баҳа бериў дәрежесин үйрениўди шөлкемлестириў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. Сектор басшыларына ендиликте олардың жумыслары арнаўлы ислеп шығылған 13 анық индикаторлар тийкарында турақлы баҳаланып барылатуғынлығы, рейтинг нәтийжелерин пуқаралардың да көрип барыў имканияты жаратылғанлығы, буннан тысқары, ҳәким ҳәм оның орынбасарларының ең әҳмийетли нәтийжели көрсеткишлери (KPI) бойынша белгиленген прогноз көрсеткишлери арқалы баҳаланыўы, бәрше сектор басшылары, олардың хаткерлери ҳәм ҳәким орынбасарларының жумысларында артықша қағазбазлықты шеклеў ушын мағлыўмат ҳәм есабатларды электрон тәризде қәлиплестириўши система жолға қойылғанлығы ҳәм сектор басшылары өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин онлайн тәризде күнлик арттырып барыўы ушын Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен ilm.argos.uz платформасы иске түскенлиги ҳәм оның имканиятлары ҳаққында атап өтилди.

Тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бүгин Шымбай  районы 1-сектор имаратында  Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлигиниң жуўапкер ўәкиллери тәрепинен 4 сектор тәрепинен “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”ндеги шаңарақларды ҳәм пуқараларды дизимнен шығарыў, бул  бойынша алып барылып атырған жумыслары үйренилди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content