Әзелден халқымыз ушын муқәддес болған шаңарақтың турмысымыздың тиреги ҳәм сүйениши, жәмийетимиздиң негизги буўыны деп тән алыныўы жүдә үлкен әҳимийетке ийе.
Сонлықтан, шаңарақты қорғаўдың тийкарлары мәмлекетимиздиң тийкарғы Нызамы Өзбекстан Республикасының Конституциясында, Шаңарақ кодексинде, ҳәрекеттеги нызамлар ҳәм де нызамлар тийкарында қабыл етилген ҳүжжетлерде беккемлеп қойылған.
Республикамыз Конституциясында Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланып, жәмийет ҳәм де мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе екенлиги көрсетилген болса, Шаңарақ Кодексиниң 11-статьясында Шаңарақ ҳуқықларын қорғаў суд тәрепинен пуқаралық суд ислерин жүргизиў қағыйдалары бойынша, усы Кодексте нәзерде тутылған жағдайларда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик органлары яки басқа мәмлекетлик органлар тәрепинен әмелге асырылады.
Пуқаралық ислер бойынша судларда басқа пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар қатарында шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы көплеп даўалар көриледи. Мәселен: Некеден ажыратыў, аталықты белгилеў ҳәм алимент өндириў, бала тәрбиясы менен байланыслы даўалар ҳтб.
Шаңарақ қатнасықларында ер ҳәм ҳаял тең ҳуқықлы болып, барлық мәселелер ерли-зайыплар тәрепинен өз-ара разылық тийкарында биргеликте шешиледи.
Пуқаралық ислери бойынша судларда шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы ислердиң ең көп көрилетуғыны бул неке қатнасықлары болып есапланады. Некеден ажыратыў суд тәртибинде әмелге асырылады, ал Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 42-43 статьяларында нәзерде тутылған ҳалларда яғный ер жетпеген балалары болмаған ерли-зайып некеден ажырасыўға өз-ара разы болғанда олардың арзаларына көре, егер ерли-зайыптың бири суд тәрепинен бийдәрек жоғалған деп табылса, суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылса, үш жылдан кем болмаған мүддетке еркинен айырылған болса, ортада ер жетпеген балалары барлығынан қаттый нәзер ерли-зайыптың бириниң арзасына көре ПҲАЖ органларында әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 39-статьясына тийкар, ҳаялдың ҳәмиледарлық ўақтында ҳәм бала туўылғанынан кейин бир жыл даўамында ер ҳаялдың разылығысыз некеден ажыратыў ҳаққында ис қозғатыўға ҳақлы емес.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў ҳаққындағы ислерди көриўде нызамларды қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 20.07.2011 жыл 06-санлы қарарының 6-бәнтине муўапық «Некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзаны қабыл қылыўда ер ҳаялдың разылығысыз оның ҳәмиледарлық ўақтында ҳәм бала туўылғанынан кейин бир жыл даўамында некеден ажыратыў ҳаққында ис қозғатыўға, егер ол туўылыў ҳаққындағы жазыўлар дәптеринде баланың атасы сыпатында жазылмаған болса да, ҳақлы емес. Усы қағыйда бала өли туўылған яки бир жасқа толмай қайтыс болған ҳалларға да қолланылады. Ҳаялдың некеден ажыратыў ҳаққындағы ис қозғатыўға разылығы болмаған ҳалларда, судья даўа арзаны қабыл етиўден бас тартады, егер ол қабыл етилген болса, суд ис жүритиўди тамамлайды. Некеден ажыратыў ҳаққындағы ис ҳаялдың разылығы менен қозғатылған болып, исти суд мәжилисинде көриў ўақтында ол некеден ажыратыўға қарсылық билдирген, сондай-ақ ҳаялдың ҳәмиледарлығы ҳәм оның некеден ажыратыўға разылығы жоқлығы исти апелляция, кассация яки бақлаў инстанциясында көриў ўақтында мәлим болған барлық ҳалларда да ис жүритиў тамамланыўы лазым.
Бул нызам талаплары некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа ҳаял тәрепинен қозғатылыўына тосқынлық қылмайды.
Усы Пленум қарарының 15-бәнтине көре, «некеден ажыратыў ҳаққындағы исти көриўде суд шаңарақты сақлап қалыў бойынша шаралар көриўи лазым. Сол мақсетте, суд мәжилисинде шаңарақты сақлап қалыў мүмкинлигин тастыйықлаўшы ҳалатлар (балалар барлығы, некениң даўамлылығы, шаңарақтағы мүнәсийбетлердиң қәсийетлери ҳтб) анықланса, суд ҳәр еки тәрептиң яки олардың бириниң илтимасына асас ямаса өз басламасы менен некеден ажыратыў ҳаққындағы истиң көрилиўин кейинге қалдырыўға ҳақлы».
Соның ушын судлар тәрепинен некеден ажратыў ҳаққындағы ислерди қарап шығыўда ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық ең дәслеп шаңарақты сақлап қалыў илажлары көриледи. Тәреплер менен шаңарақты сақлап қалыў мақсетинде гүрриңлесиўлер өткериледи. Оларға шаңарақты сақлап қалыў ушын өз-ара жарасыўлары ушын 6 айға шекем жарасыў ушын мүддет бериледи. Усы ўақытлар ишинде ерли-зайыпты жарастырыў илажларын көриў ушын тәреплер жасап турған жердеги жергиликли ҳаял-қызлар комитетлерине, мәкан пуқаралар жыйынларына хатлар жибериледи. Усы көрсетилген илажлар исленип, семья толық тарқап кеткен, оны сақлап қалыў имканияты қалмаган деген жуўмаққа келинген жағдайларда ғана судлар тәреплерди некеден ажрастырыў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Жуўмақластырып айтқанда судлар шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы пуқаралық ислерди көриўде материаллық ҳәм процессуаллық ҳуқық нормаларының дурыс қолланыўы, биринши нәўбетте шаңарақты беккемлеў бойынша ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары белсендилери биргеликте ис алып барып, судқа некеден ажрастырыўды сорап даўа арза менен мүражат еткен даўлы шаңарақтағы жай-жағдайларды, шаңарақтың бузылыўына шекем алып келген себеплерди үйрениў ҳәм шаңарақты сақлап қалыў ушын барлық нызамда белгиленген илажларды толық орынлаўы талап етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы
суды судьясы: Абатбай Аяпов