Рамазан ҳайты байрамы мүнәсибети менен район ҳәкими А.Тажетдинов басшылығында ҳәм Микрокредит банк Қарақалпақстан Республикасы басқарыӯшысы Р.Утамбетов менен биргеликте районымыздағы 4 сектор аймағындағы «Темир дәптерге» киритилген ҳәзирги күнде турмыс жағдайы аӯыр болған бир нешше шаңарақлардың жағдайын жақсылаӯ мақсетинде ҳәр бир хожалыққа еки дана ылақлы ешкиден жәрдем көрсетилди.Бундай саӯаплы ислер рамазан айында еледе даӯам етиледи.