Банк ажыратылған кредитты, кредит шәртнамасы мүддетинен бурын бийкар етпестен, толық қайтарып алыўға ҳақлы ма?

Банк ажыратылған кредитты, кредит шәртнамасы мүддетинен бурын бийкар етпестен, толық қайтарып алыўға ҳақлы ма?

10.05.2021 15:10:13 382 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК деп жүритиледи)ниӊ 744-статьясына тийкар, бир тәреп — банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оныӊ ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.

Кредит шәртнамасы қарыз шәртнамасының бир түри есапланғанлықтан, нызам аналогиясы (нызам уқсаслығы) қолланылып, ПКниң қарыз шәртнамасы менен байланыслы нормалар менен де тәртипке салынады.

Сонлықтан, ПКниӊ 734-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған нормаға муўапық яғный, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.

ПКниӊ 735-статьясы биринши бөлимине муўапық, қарыз алыўшы алынған қарыз суммасын қарыз шәртнамасында нәзерде тутылған мүддетте ҳәм тәртипте қарыз бериўшиге қайтарыўы шәрт.

ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда – ис-қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.

Буннан тысқары, ПКниӊ 736-статьясы екинши бөлимине тийкар, егер қарыз шәртнамасында қарызды қысымлап (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздыӊ нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетин бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздыӊ қалған бәрше суммасын тийисли пайызлар менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы.

Жоқарыдағыларға тийкар, банк ажыратылған кредитты, кредит шәртнамасын бийкар етпестен, мүддетинен бурын толық қайтарып өндириўди сорап судқа даўа арза менен мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

У.Сабиров.Қарақалпақстан Республикасы

судының экономикалық ислер

бойынша судьясы.                                            

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content