Алынған мағлыӯматларға қарағанда Екинши жер жүзлик урысқа районымыздан шама менен бес мыңнан аслам адам қатнасқан болса,соның еки мынға шамаласы қайтыс болған,үш мыңнан артығы болса,аӯылға қайта оралған.
9-май «Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни» мүнәсибети менен районымызда ерте таңнан бир қатар илажлар басланды.Дәслеп жаслар арасында узақ аралыққа жуӯырыӯ бойынша марафон өткерилип бунда ер баллар арасынан биринши орынды А.Жуманазаров ийелеп қызлар арасынан М.Оразымбетова биринши орынды қолға киритип мүнәсип сыйлықланды.Оннан соң екинши жәҳән урысында қурбан болғанлардың ҳүрметине арнап районымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлер қойылды.Сондай-ақ район ҳәкими А.Тажетдинов бир қатар мийнет ветеранларының жағдайларынан хабар алды.