Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилисинде көрип шығылған Нызамларды үгит-нәсиятлаў, халық пенен ушырасыўлар өткериў ҳәм Сенатқа мүрәжаат жоллаған пуқаралар менен орынларда ислесиў мақсетинде усы жылдың 7-май күни Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында ушырасыў болып өтти.
Болып өткен ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Данияров Абатбай Сапарбаевич қатнасты.
Сондай-ақ, өткерилген ушырасыўға сектор басшылары, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Ушрасыўды район ҳәкими А.Тажетдинов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Буннан соң Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының баслығы А.Хожанов, Шымбай районы прокуроры орынбасары Б.Байманова, район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Молдахметов, районлық Әдиллик бөлими жетекши мәсләҳәтшиси Н.Сапарниязов, “Қишлоққурилишбанк” Шымбай районы филиалы басқарыўшысы А.Умаров ҳәмде Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы орайы баслығы Б.Ражаповлар шығып сөйлеп Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилисиндеги тапсырмалардан келип шығып жыйналғанларға тусиник берип өтти.
Ушырасыўдан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Данияров ҳәм район ҳәкими А.Тажетдиновлар район аймағындағы социаллық қорғаўға мүтаж 10 жасқа өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде тигиў машиналарын тапсырды.
Буннан соң районда жаңадан қурылыўы режелестирилген “Ашық театр”, “Жаслар аллеясы”, “Жаслар орайы” ҳәмде футбол майданшасы жойбарлары менен танысты.