2021-жылда «Шымбай тоғай хожалығы»на қараслы тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейиттириў илажлары ҳаққында

2021-жылда «Шымбай тоғай хожалығы»на қараслы тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейиттириў илажлары ҳаққында

06.05.2021 16:34:50 561 Баспаға шығарыў

Шымбай районында экологиялық орталықты жақсылаў
ҳәм тоғайларды көбейтиў ушын өрттиң алдын алыў, оған қарсы гүресиўди күшейтиў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мамлекетлик комитетиниң 2021-жыл 12-март күнги 40-санлы, Қарақалпакстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң 2021-жыл 15-март күнги 13-санлы
буйрықларына, Өзбекстан Республикасының «Тоғай ҳаққында»ғы Нызамы (Қонун ҳужжатлари маълумотлари миллий базаси, 17.04.2018й., 03/18/475/1078-сон)ның
15,17 ҳәм 23-статьяларының ҳәм Шымбай мәмлекетлик тоғай хожалығының
2021-жыл 3-апрель күнги 16-санлы хатларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 6-статьясына тийкар

ШЕШИМ ЕТЕМЕН:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мамлекетлик комитетиниң 2021-жыл 12-март күнги 40-санлы, Қарақалпакстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң 2021-жыл 15-март күнги13-санлы буйрықлары ҳәм Шымбай мәмлекетлик тоғай хожалығының 2021-жыл 3-апрель күнги 16-санлы хатлары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Бозатаў Тоғай хожалығының тоғай фонды аймағында 2021-жыл
    31-декабрь күнине шекем «Тоғайларда өрт қәўипсизлиги мәўсими»
    деп белгиленсин.
  3. Район ҳәкиминиң орынбасарлары, (С.Узақбергеновҳәм З.Ержанова), Шымбай Тоғай хожалығы (М.Қалимбетов)на ҳәм Районлық Фермер дийқан хожалықлары ҳәм Қыйтақ жер ийелери Кеңеси (Ж.Cарыбаев) менен биргеликте район аймағындағы халық жасаўшы пунктлеринде Ѳзбекстан Республикасының 2018-жыл 16-апрель күнги жаңадан баспада қабыл етилген «Тоғай ҳаққында»ғы ЎРҚ-475-санлы Нызамын кеңнен түсиндириў бойынша үгит нәсият жумысларын алып барыў тапсырылсын;

– тоғайды өрт қәўипсизлигине талапларына жуўап беретуғын дарежеде
ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша комплексис-илажларын әмелге асырыў;

– Өрт қәўипсизлиги қағыйдалары бузылыўының ҳәр бир жағдайы бойынша пухта тексериўлер өткерип, өрт ўақтында оны өшириў жол жобалары ҳаққында тоғай хожалығы әтирапында жайласқан халық жасаў орынлары, фермер хожалықларында, тоғай фонды жерлерине жақын жерде жумыс алып барыўшы объектлерге ийе болған кәрхана, мекемелер ҳәмде әтираптағы халық, оқыўшылар менен ҳәмме ўақыт өрттен сақланыў ҳаққында жәнеде тоғайлардағы өртлерди өшириў қағыйдалары бойынша түсинидириў жумысларын алып барыў;

– тоғайларда өрт өшириў ушын тийисли асбап-үскенелери
менен тәмийинлеў;

– тоғайларда өртке қарсы аралық жайлар, жолар, өртке қарсы минералластырылған қорғаныў жоллар, изейкешлер, суў ҳәўизлерин
қурыўға, тоғайларды ағаш қалдықларынан ҳәм басқада тез жаныўшы материаллардан тазалаў ҳәм тоғайлардың өрт қәўипсизлигин асырыўға қаратылған ис-илажлар өткерилсин;

– тоғай өртлериниң алдын алыў бойынша тоғай жоллары бойында «итибарлы болың» өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершилик бар екенлиги ҳаққында ескертиў дағазалар ҳәм паннолар (плакатлар) орнатылсын;

– тоғай жоллары бойында дем алыў ҳәм темеки шегиў ушын улыўма пайдаланылатуғын орынларды оңлаў;

– тоғай фонды аймақларында жүзеге келген өртлерди өз ўақтында анықлаў ҳәм тезлик пенен алдын алыў илажлары көрилсин;

– өртке қарсы суў сақлағышларды саз ҳалатына келтириў, әсиресе пластик суў ыдысларында ҳәр бир айланбада кеминде 200 литр суў запасы сақланыўын тәмийинлеў;

– өрт пайда болғанда өшириў шараларын көриў, өрт ҳаққында тезлик
пенен Тоғай хожалығы комитетине (61-229-20-27) ҳәм тийисли орынларға хабар бериў;

– тоғай өртлерин дизимге алыў дәптершесин ҳәр бир бети
номерленген, тигилген ҳәм печать басылған ҳалда жүритиў шараларын көриў тапсырылсын.

  1. «Шымбай Тоғай хожалығы» (М.Қалимбетов)на:

-тоғайларда өрт келип шығыўының алдын алыў мақсетинде тоғайларды гүзетиўди күшейтиў ҳәм қадағалап барыў; – өрт қәўипсизлиги талапларының бузылыўының алдын алыў, тоғайлардың әҳмийети ҳаққында пуқаралар арасында кең түсиник жумысларын жүргизиў; – тоғайларда өртке қарсы жолларды таза услаўға айрықша итибар қаратыў; – тоғайларға кирер орынларға арнаўлы ескертиў белгилер қойыў ҳәм ескилерин жаңалаў; – тоғай фонды майданларында тәбийий ҳәм техникалық жағдайлардың алдын алыў, айрықша жағдайлар жүзеге келгенде тийисли жергиликли ҳәкимият органлары, районлық өртке қарсы гүресиў, ишки ислер бөлими ҳәм басқа кәрханалар менен биргеликте кешиктирип болмайтуғын илажлар ислеп шығып, олардың орынланыўын тәмийинлесин;

  1. Аймақлардағы кәрхана, шөлкемлер басшыларына, дийқан ҳәм фермер хожалықлары баслықларына, усы аймақларда жасаўшы халыққа тоғайларда өртке қарсы ис-иләжлар көриў, экологиялық орталықты жақсылаў бойынша жумысларды әмелге асырыў тапсырылсын.
  2. Райондағы пуқаралар жыйынлары, фермер хожалықлары басшылары тоғай фонды жерлери менен шегараласқан атызлардың әтирапларын, жап
    ҳәм салмаларды тазалаў ўақтында өрт келип шығыўының алдын алыў мақсетинде қуўраған шөплердиң жағып жиберилиўине жол қоймаў шараларын көриў тапсырылсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети қурамындағы мәмлекетлик тоғай хожалықлары баслықлары 2021-жыл 1-апрель күнине
    шекем Комитеттиң Тоғайларды қорғаў бөлимине тоғай фонды жерлеринде тоғай өрт қәўпиниң алдын алыў илажларын пайда етиў ҳаққындағы мағлыўмат, кейин ала ҳәр айдың ақырғы сәнесине шекем өрттиң алдын алыў бойынша орынланған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип барылыўы тәмийинленсин.
  4. Усы шешим ғалаба хабар қуралларында жәриялансын ҳәм ҳәкимлик
    веб-сайтында жайластырылсын.
  5. Шымбай районы ҳәкиминиң 2020-жыл 4-август күнги «Шымбай тоғай хожалығына қараслы тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейиттириў иләжлары ҳаққында»ғы
    693-санлы шешими («Шымбай ҳаўазы» газетасы 2020-жыл 15-август 15-16-сан (8609)) өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасарлары С.Узақбергенов, З.Ержановларға ҳәм районлық Тоғай хожалығы баслығы М.Қалимбетовқа жүкленсин.
  7. Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

 

 

Шымбай районы ҳәкими                                                      А.Тажетдинов

 

 

                                                                                                                                                                                                                                                                                       2021-жыл 5-май

Пайдалы ресурслар
Skip to content