Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың 92 жыллығы мүнәсибети менен Шымбай районында салтанатлы әдебий кеше болып өтти.
Кешеге район ҳәкимлиги, Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими, Жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Халық билимлендириў бөлими ўәкиллери, шайырдың жақынлары, дөретиўшилер ҳәм жаслар қатнасты.
Әдебий кешеде сөз алғанлар Ибрайым Юсупов өмири ҳәм дөретиўшилигине, шайыр шығармаларының әдебиятымыз ҳәм халқымыздың руўхый дүньясындағы орны, өзине тән тәреплери ҳаққында кең түрде тоқталып, жыйналғанларды уллы шайырымыздың 92 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Буннан соң, шайыр ҳүрметине бағышлап өткерилген «Аязий билимданы» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Дөретиўши жаслардың шайырға арнап жазған қосық қатарлары ҳәмде районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы кешеге көтериңки руўх бағышлады.