Сессияда районлык сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.
Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде “Темир дәптери”не, “Ҳаяллар дәптери”не, “Жаслар дәптери”не киритилген пуқаралар менен алып барылып атырған жумыслар, “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасын әмелге асырыў ҳәмде бағдарлама шеңберинде районда әмелге асырылып атырған қурылыс, оңлаў жумыслары сондай-ақ аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған жумыслар қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли жуўапкерлердиң баянатлары тыңланды ҳәм депутатлар тәрепинен усыныслар киритилди ҳәмде сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.