“Суў тиришилик дереги”

“Суў тиришилик дереги”

03.05.2021 09:43:14 363 Баспаға шығарыў

Суў-бул өмир, бийбаҳа байлық. Суў жер бетиндеги ең әжайып жаратылыс. Суўсыз өмиримизди елеслетиўдиң өзи қорқынышлы. Тиришилик қубылысларының ҳәммеси суўдың арқасында өмир сүреди.

Бирақ, тилекке қарсы ҳәмме де суўдан үнемли ҳәм ақылға сай падаланабермейди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў Инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 19-март күнги “Өзбекстан Республикасында суўдан пайдаланыў ҳәм суўдан пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы 82 санлы Қарары талапларының орынланыўы бойынша аўыл хожалығына мөлшерленген суў ресурсларынан пайдаланыў үстинен қадағалаў әмелге асырылып, 2021-жылдың 4 айы даўамында 42 қадағалаў иләжлери өткерилди. Соннан, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрханалар, суўдан падаланыўшы кәрханалар хызметкерлери ҳәм жеке пуқаралар тәрепинен жәми 14 ҳалатта суўдан пайдаланыўда нызамбузыўшылыққа жол қойылған болып, тийисли шаралар көрилиўи тәмийинленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11-декабардеги    санлы “Аўыл хожалығында суўды тежейтуғын технологияларды енгизиўди және де жедел шөлкемлестириў шара-иләжлары ҳаққында”ғы Қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды тежеўши технологиялардың енгизилиўи жүзесинен 2021 жылдың март-апрел айларында Инспекцияның район бөлими тәрепинен орынларда үйрениўлер өткерилмекте.

Шымбай районы бойынша 2021 жылда жәми 1310 гектар майданда суўды тежейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў режелестирилген.
Атап айтқанда, тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилетуғын майданлар 1310 гектарды (пахта 1240 гектар)қурайды.

Усы жылда  тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша
7 фермер хожалығы ҳәм 1 кластер хызмет көрсетиўши кәрханалар менен жәми 480 гектар майданда усы технологияны енгизиў бойынша шәртнамалар дүзилген.

Инспекцияның район бөлими хызметкерлери тәрепинен аймақларға шығып, суўдан үнемли пайдаланыў, оны ысырап етиўдиң алдын алыў бойынша түсиник жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

Суўды-тәбияттың бийбаҳа байлығын үнеплеп, нызамға әмел еткен ҳалда пайдаланыўға, өзбасымшалық пенен ысырап етпей мақсетли пайдаланып, елимиздиң абаданлығына үлес қосыўға шақырып қаламыз.

 

“Өзагроинспекция” Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы бөлими

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content