Ɵзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексиниң 128-статьясына тийкарланып Арзаның (шағым арзаның) формасы ҳәм мазмуны арза (шағым арза) судқа жазба формада бериледи, ол арза бериўши яки оның ўәкили тәрепинен қол қойылады.
Арзада (шағым арзада) төмендегилер көрсетилиўи керек:
1) арза (шағым арза) берилип атырған судтың аты;
2) исте қатнасыўшы шахслардың аты (фәмилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты), жайласқан жери (почта мәнзили) яки жасаў жери;
3) шағым қылынып атырған таларларға тийкар болған жағдайлар (егер олар бар болса);
4) шағым қылынып атырған тийкарларын тастыйықлаўшы дәлиллер;
5) арза бериўшиниң нызам ҳүжжетлерине тийкарлап келтирген талаплары, талап бир неше жуўапкерге қарата берилгенде болса олардың ҳәр бирине қарата талаплар;
6) қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң дизими.
Арзада (шағым арзада) арза бериўшиниң яки оның ўәкилиниң телефонлары, факслары номерлери, электрон мәнзили көрсетилиўи мүмкин.
Арзада (шағым арзада), егер даўды дурыс шешиў ушын зәрүр болса, басқа мағлыўматлар, сондай-ақ арза бериўшиде бар болған илтимаснамалар көрсатиледи.
Арза бериўши өз-ара байланыслы болған бир неше талапты, егер олар ҳәкимшилик судқа тийисли болса, бир арзаға (шағым арзаға) бирлестириўге ҳақлы.
Ɵзбекстан Республикасы ҲСИЖҳКниң 129-статьясына тийкарланып арзаның (шағым арзаның) ҳәм оған қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң көширме нусқаларын жибериўде арза бериўши арза (шағым арза) берип атырғанында жуўапкерге ҳәм үшинши шахсларға арзаның (шағым арзаның) ҳәм оған қосымша қылынған, оларда болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқаларын жибериўи шәрт.
Ɵзбекстан Республикасы ҲСИЖҳКниң 129-статьясына тийкарланып арзаға (шағым арзаға) қосымша қылынатуғын ҳүжжетлерге
Арзаға (шағым арзаға) төмендеги тастыйықлаушы ҳүжжетлер қосымша қылынады:
1) белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда мәмлекетлик бажы төлегенлигин тастыйықлаўшы, егер бул усы категориядағы ислер ушын нызамда нәзерде тутылған болса;
2) арзаның (шағым арзаның) ҳәм оған қосымша қылынған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жуўапкерге ҳәмде үшинши шахсларға жиберилгенлиги;
3) шағым қылынып атырған талапларға тийкар болған жағдайларды;
4) арзаны (шағым арзаны) қол қойыў ўәкиллиги, егер ол ўәкил тәрепинен қол қойылған болса ҳәкимшилик судқа арза бериледи.
Нөкис районлар аралық
ҳәкимшилик судының судья жәрдемшиси К.Ивадуллаев