Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясы жанындағы Пуқаралық қорғаныў институтында «Киши көлемли кеме басқарыўшыларын таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў» бойынша оқыў курслары өткериледи. Республикамызда жайласқан суў ҳәўизлеринде суў транспорт (кеме, киши көлемли кеме, картер, гидроцикл) ларынан туўры пайдаланыў, түрли бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәмде кеме басқарыўшысы гүўалықларын бериў тәртибин жеделлестириў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясы жанындағы Пуқаралық қорғаныў институтында оқыў курслары өткериледи. Усы оқыў курсларынан өткен имтиханларды табыслы тапсырған юридик ҳәм физикалық шахсларға курсты тамамланғанлығы ҳаққында гүўалық ҳәм сертификатлар берилади.
Умытпаң, алдыңғы берилген кеме басқарыўшысы гүўалықлары 2021 йил 1 январынан баслап хақыйқый есапланбайды.
Усы мәселеге итибар қаратылғанлығының себеби болса бәршеге түсинерли болса керек. Себеби, елимизде май айынан баслап күнлер ысый баслайды ҳәм пуқаралар арасында суў ҳәўизлерине умтылыў талабы күшейеди. Асиресе үлкен суў ҳәўизлеринде қайықларда, гидроцикллерде, катамаранларда сейил қылыў бәршеге бирдей хош кейпият бағышлайды.
Бирақ “мийнет аяқ астында” дегениндей, сиз сейил қылып атырған яки сейил қылмақшы болған қайықлар қәўипсизлик талабларына жуўап береме, сиз қорықпастан усы қайықларға перзентлериңизди шығарып шуқыр суў ҳәўизлери, мысал ушын суўда шомылыў орынларында сейил қылыўға исенимиңиз кәмилме, қандай қайықлардан пайдаланыў қәўипсизлирек? Көпшилик пуқаралар бул сораўларға жуўапты ойлап көрмегенлиги анық. Төмендеги усы сораўларға жуўап берип өтиўге ҳәрекет қыламыз.
Өзбекстан Республикасында юридик ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған киши көдемли кемеларди дизимге алыў, техник көриктен өткериў, олардан пайдаланыўға рухсат бериў ҳәмде киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыўды қадағалаў Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң Киши көлемли кемелерди қадағалаў инспекциясы (Инспекция) тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министриниң 2017-жыл 27-декабрдеги 529, 530, 531-санлы буйрықлары менен “Киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў қағыйдалары”, “Киши көлемли кемелерди техник көриктен өткериў қағыйдалары” ҳәм “Киши көлемли кемеларден ҳәм олар туратуғын базалардан (иншаатлардан) пайдаланыў қағыйдалары” тастыйықланған.
Усы қағыйдаларға муўапық, киши көлемли кеме деп – тийкарғы двигателлердиң қуўатлылығы 55 кВт (75 ат күши) ҳәм жолаўшы сыйымлылығы 12 кисиден артық болмаған өзи жүрер кемелер, моторлардың қуўатлылығы ҳәм санына қарамастан, аспа моторлы кемелер, суў мотоцикллери (гидроцикллер), жүк көтериў қәбилети 80 регистр тоннадан артық болмаған өзи жүрмейтуғын кемелер, жел берилетуғын моторсыз ескекли қайықлар есапланады.
Инспекция тәрепинен дизимнен ҳәм техник көриктен өтпеген кемелерден пайдаланыў қадаған етиледи. Қағыйдалардың биринши талабына тийкарланып, төмендеги кемелер мәмлекетлик дизимнен ҳәм техник көриктен өткерилиўи шәрт:
- Жолаўшы сыйымлылығы 12 кисиден артық болмаған өзи жүрер кемелер;
- Аспа моторлы кемелар;
- Суў мотоцикллери (гидроцикллер);
- Ескекли кемелер;
- Жел берилетуғын ескекли қайықлар.
Киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў ушын Инспекцияның аймақлық бөлимлерине тастыйықланған формадағы арза ҳәм кемеге тийисли ҳүжжетлер менен мүрәжат етиледи. Мүрәжатқа тийкарланып, инспектор тәрепинен кемениң ҳүжжетлери ҳәм кемениң өзи үйренип шығылады. Үйренип шығыў даўамында бир ўақыттың өзинде кемениң дәслепки техник көригиде өткериледи. Кемениң ҳалаты ҳүжжетте көрсетилген параметрлерге туўры келсе ҳәм бәрше қәўипсизлик талапларына жуўап берсе, белгиленген тәртипте дизимге алынады.
Кеме дәслепки техник көриктен өткериўде оның жүк көтериў қәбилети, жолаўшылардың максимал сыйымлылығы, двигателдиң ҳалаты, куўатлылығы, борттың ҳалаты, қутқарыў қураллары, өрт өширгиш, сигнал шырақлары ҳәмде ислеп шығарыўшы тәрепинен белгиленген үскенелер толықлығы тексериледи. Техник көрик нәтийжесинен келип шыққан ҳалда, кеме сүзиўи мүмкин бөлған толқын бәлентлиги, қырғақтан узақласыў аралығы, максимал жүк көтериўи ҳәм жолаўшылар сыйымлылығы белгилеп берилади.
Төмендеги техник насазлықлар анықланғанда киши көлемли кемелерден пайдаланыў қадаған етиледи:
Кемениң шөгип кетиўине қәуип ттуўдырыўшы жарықлар, тесиклер ҳәм қапламада зақымланыў балғанда;
бөлимшелер, ҳаўа қутылары, сузиўши блоклар жоқ болғанда яки герметиклиги бузылғанда;
рул үскенелериниң насазлығында;
двигателдиң жанылғы ыдысынан, шланга ҳәм тәмийинлеў системасынан жанылғы аққанда;
двигателде сезилерли қалтыраўлар яки өшириў ўақтында наосазлық болғанда;
двигателдиң аралық басқарыў системасы истен шыққанда;
двигател реверс-редукторының өз-өзинен үзилип яки жалғанып қалыў ҳалатларында;
парықлаўшы жақтыландырыў үскенелериниң талапқа жуўап бермеслиги яки насазлығында;
кеме жәмлемелери ҳәм үскенелери кеме билетинде көрсетилген нормаға муўапық келмегенде.
Егер сиз дем алыў күнлери дослар яки шаңарағыңыз бенен бирге қайықларда сейил қылыўды нийет қылған болсаңыз, әлбетте кемелердиң жоқарыда айтып өтилген қәуипсизлик талапларына жуўап бериўине итибар қаратың. Дизимнен ҳәм техник көриктен өткерилген кеме бортының еки каптал тәрепине дизимге алыў номери жазылған болады (мысал ушын
95 А 007). Киши көлемли кемелердиң ийелеринен болса бар болған кемелеринен нызамлы ҳәм қәуипсиз пайдаланыў, сондай-ақ суў ҳәўизлеринде пуқаралардың өмири ҳәм саламатлығын қорғаў мақсетинде, өз ўақтында кемелерди мәмлекетлик дизимнен ҳәм техник көриктен өткериўларин сорап қаламыз.
Соның менен бирге, киши көлемли кемелерди арнаўлы гүўалықсыз басқарыў ҳәм пайдаланыў қағыйдаларын бузыў, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 119-статьясына муўапық, кеме ўақтынша алып қойылыўы ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болыўы ҳаққында еслетип өтемиз.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясы жанындағы Пуқаралық қорғаныў институтында өткерилип атырған оқыў курсларына қатнасыў нийети бар болған юридик ҳәм физикалық шахслар 1050, 101 ва +99897-354-30-09 телефон номерлерине мүрәжат қылыўлары мүмкин.
Шымбай районы Айрықша жағдайлар бөлими
баслығы орынбасары
аға лейтенант Т.Джаримбетов