Қарақалпақстанда жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын еледе жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша Жол картасының 30-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жыл 21-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы ў.а А.Нурлипесов, Республика прокуратурасы ҳәм Ишки ислер министрлиги ўәкиллериниң қатнасыўында Шымбай районында көшпели қабыллаў өткерилди.
Рустем Нурымбетов алдаў қурбанына айланып қалған. Суд-ҳуқық мәселесинде өткерилип атырған бүгинги қабыллаўда ол алмаған кредити ушын тартып алынған мал-мүлкин қайтарып алыў мәселесинде суд басшыларына мүрәжат етти. Оның бул мәселеси бойынша ҳуқықый түсиник берилди.
Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Базаргүл Рамбергенованың 4 перзенти бар. Үлкен қызы жоқары оқыў орнын питкерген болса, енди ҳәзирги ўақытта 3 перзенти жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында оқып атыр. Ол суд басшыларына 1996-жылы туўылған перзенти Ықлас Нызаматдиновқа жумыс сорап мүрәжат етти. Бул шаңарақтың жағдайы үйренилип, Ықлас Нызаматдинов Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судына 3 ай сынаў мүддети менен жумысқа қабыл етилди.
Сондай-ақ, «Бердақ» мәкән пуқаралар жыйынында жасаўшы Турсынай Кайланова некеден ажырасыў мәселесинде мүрәжат етти. Оған пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судына арза менен мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.