Шымбай районы әдиллик бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында

Шымбай районы әдиллик бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында

21.04.2021 09:29:50 438 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатын әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң искерлигин түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәмде 2018-жыл 13-апрель күнги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги искерлигин жәнеде жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы  Қарарына муўапық Шымбай районы әдиллик бөлими шөлкемлестирилип, усы ҳүжжетлер менен бөлимниң ўазыпаларын, функциялары, ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилиги, искерлигин шөлкемлестириў ҳәм есабат бериў тәртиби белгилеп берилди.

Бөлим жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымынан бийғарез ҳәм тийислилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине бойсынады, сондай-ақ бөлим ҳуқықты қорғаў уйымы есапланады. Бөлим өз ҳәрекетин басқа мәмлекетлик басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлери, ҳуқықты қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары ҳәмде басқа шөлкемлер менен өз-ара биргеликте әмелге асырады.

Төмендегилер бөлимниң тийкарғы ўазыпалары ҳәм искерлиги жөнелиси есапланады, ҳәкимге ҳәмде мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң районлық бөлимлерине нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳатлер бериў, мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери районлық бөлимлериниң нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша искерлигине улыўмалық басшылық етиў ҳәм муўапықластырыў, район ҳәкими ҳәм Халық дупутатлары районлық Кеңесиниң норматив-ҳуқықый түстеги шешимлерин нызам ҳүжжетлерине, мәмлекетимизде әмелге асырылып бағдарламалардын мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапықлылығына ҳуқықый экспертизадан өткериў ҳәм тағы басқалардан ибәрат.

Шымбай районы әдиллик бөлими тәрепинен 2021-жылдың биринши шереги даўамында төмендеги жумысларды әмелге асырды.

Шымбай районы адиллик бөлимине есабат дәўиринде 84 хат ҳәм ҳүжжетлер келип түскен болса, соннан 49 ҳүжжет Әдиллик министрлигинен ҳәм 35 ҳүжжет район аймағындағы мәкеме, кәрханалардан келип түскен. Келип түскен ҳүжжетлерден 70 ҳүжжеттиң орынланыўы тәмийинленип, қалған ҳүжжетлердиң орынланыўы тәмйинленбекте.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлар бойынша бөлимге 97 мүрәжатлар (соннан 18 шағым) келип түскен болып, соннан 76 мүрәжат қанаатландырылып, 14 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилген болса, 2 тийислилиги бойынша жиберилген ҳәмде
5 мүрәжат көрип шығылмақта.

Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында 2 мониторинглер өткерилип
954 жағдайда нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды. Социаллық-экономикалық тараўда ҳуқықты қорғаў бойынша 5 үйрениў ҳәм
1 мониторинг өткерилип 635 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.

Жоқарыдағы анықланған нызам бузыўшылықлар бойынша тийисли мәкеме ҳәм кәрханаларға 34 ескертиў, 4 усыныс киртилип, 5 шахс интизәмий жуўапкершиликке тартылған ҳәм 5 ҳүжжетлердиң бийкар етилиўи тәмийинленген.

Көрсетилген дәўирде әдиллик бөлими тәрепинен 232 ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары өткерилген болып, соннан 62 ғалаба хабар қуралларында, 158 аўызеки ҳәм 12 көргизбели үгит-нәсият иләжларынан ибәрат. Өткерилген үгит нәсият жумысларда 1300 ден аслам пуқаралар қамтылды.

Нызам ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине жеткерилиўи бойынша әдиллик бөлимине есабат дәўири даўамында 386 ден аслам электрон түрде норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер келип түскел болса, олар 55 мәмлекетлик басқарыў уйымларының районлық бөлимлерине ҳәмде басқа шөлкемлерге жеткерилди.

Судларға 18 даўа арзалар киритлип, олардың бәршеси қанаатландырылды ҳәм пуқараларға 198 млн сўмнан аслам ис ҳәкыларын өндириў бойынша суд буйрығы қабыл етилди.

Шымбай районы әдиллик бөлими хызметкерлери Мәмлекетимиз басшысы ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен алдыға қойылған ўазыйпаларды терең түсинген ҳалда районымыз халықының ҳуқықый саўатсызлығына шек қойыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларын еледе даўам еттиреди.

 

Шымбай районы әдиллик бөлими

бас мәсләҳәтшиси                                        Палекеев Абат Парахатович

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content