Исбилерменлер ушын жаңа имкәниятлар!

Исбилерменлер ушын жаңа имкәниятлар!

16.04.2021 11:58:19 395 Баспаға шығарыў

Республикамызда исбилерменлик орталығын жақсылаў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, киши ҳəм орта бизнести раўажландырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, айырым түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди, ҳәкимшилик процедуралардан өтиў мүддетлери сезилерли дәрежеде қысқартылып усы арқалы киши бизнес ҳəм исбилерменлерди ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў механизми жаратылды.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бюрократизм, өзи боладылық ҳәм басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, ескирген, заман талапларына сай келмейтуғын процедураларды түп-тийкарынан қысқартыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-март күни “Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бағдарда бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша қосымша иләжлар ҳаққында”ғы Пəрманы қабыл етилди. Усы Пəрманның мазмун-мəнисин ҳəм көрсетилген ўазыйпаларды исбилерменлик субъектлерине жеткериў мақсетинде Шымбай районындағы Исбилерменлер мүрəжатларын көрип шығыў қабыллаўханасында мəжилис болып өтти.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы хызметлерден пайдаланыўда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден артықша төленген төлемлер, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти тезлестирилген тәртипте көрсетиў ушын қосымша төленген жыйымлар сўммасы (тезлестирилген тәртипте көрсетилмеген жағдайда) әпиўайыластырылған тәртипте Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң (кейинги орынларда Агентлик) бюджеттен тысқары қорының қаржылары есабынан бир жумыс күни ишинде қайтарылады. Бунда қайтарып берилген қаржылар Агентлик тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден регресс тәртибинде өндирип алынады. Мәмлекетлик хызметти көрсетиў нәтийжесинде берилетуғын ҳүжжетлер QR-код (матрик штрихлы код) қойыў арқалы берилгенде олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, усы ҳүжжетлер электрон түрде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы шекленбеген муғдарда бийпул алынады.

2021-жыл 1-майдан пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қәлеўине бола көрсетилген мәмлекетлик хызметтиң нәтийжеси почта байланысы арқалы жеткерилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизими тастыйықланды. Атап айтқанда, салық төлеўшиниң салық қарызы бар яки жоқлығы; салық төлеўши физикалық тәреплердиң мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы; кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етилетуғыны белгиленген. 2021-жыл 1-июльден баслап салық уйымларында салық төлеўшилердиң есабын жүргизиўди физикалық тәрептиң жеке идентификация номеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырыўға өтиў. Бунда, салық төлеўшиниң идентификация номерин бериў ҳәм пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бийкар етиледи.

Жоқарыдағы Пəрман талапларының орынланыўын тəмийинлеў ҳəмде исбилерменлердиң, соннан, шет ел инвесторлары туўрыдан-туўры байланыста болып, олардың нызамлы талапларын жүзеге шығарыў ҳəм бюрократиялық тосықларын унамлы шешиў илажларын көремиз.

Шымбай районындағы Исбилерменлер мүрəжатларын

көрип шығыў қабыллаўханасы.

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content