ПРОБАЦИЯ ҲАҚҚЫНДА ТҮСИНИК

ПРОБАЦИЯ ҲАҚҚЫНДА ТҮСИНИК

15.04.2021 17:53:48 571 Баспаға шығарыў

Инсан ушын ең қымбат байлық ары ҳәм қадир қымбаты болып есапланады, оны кемситиўге жол қойылмайды, бул қағыйда нызамларымызда қатты белгилеп қойылған, бул қағыйда жынаяты ушын жазаны өтеп атырған маҳкумлерге де тийисли, жаза түринен қатий нәзер, олар өзиниң тийкарғы ҳуқық ҳәм мәжбуриятларынан, жәмийет ағзалығынан айырылмайды, мысалы ушын Жынаят-орынлаў кодекси бойынша маҳкумлер жазаны өтеп атырған мекеме китапханасынан пайдаланыўы, телевизор көриўи, радио тыңлаўы, мәжилислерде сөзге шығыуы, стентлик газеталарға админстрация руҳсаты менен мақалалар бериўи мүмкин.

Усы кодексте юридик жәрдем алыў, жеке қәўипсизлик, ҳүждан еркинлиги, бюджет есабынан бийпул материаллық-турмыслық ҳәм медицина көмек алыў, мийнет қылыў ҳуқықлары ҳәм көрсетилген, қалаберсе, маҳкумлер тиккелей өзи ҳәм ўәкиллери арқалы пуқаралық ҳуқықый мүнәсийбетлерге кирисиўге руҳсат берилген, мысалы, Шаңарақ кодексине асас шаңарақ қурыў, некени бийкар етиў, Пуқаралық кодексине муўапық алды-сатты ҳәм басқа шәртнамаларды дүзиў ҳуқықына ийе.

Соның менен бирге мәмлекетимизде жынаят сәдир еткен шахсларды мийнет пенен дүзетиў, жамийетден ажыратпаған ҳалда жәмийетшилик пенен тығыз байланыста қайта тарбиялаў барысында кең көлемли өзгерислер өткерилип атыр.

Солардан бири пробация хызметиниң жолға қойылғанын көриўимиз мүмкин, усы хызмет Өзбекстан президентиниң 2018-жыл 7-ноябрде қабыл қылынған «Жынаят-орынлаў нызамшылығын түптен жетилистириу ис-илажлары ҳаққында»ғы  менен 2019-жыл 1-январдан жария етилген.

Қарарға муўапық ИИМ ҳуқуқбузарлықлар профилактикасы бас басқармасының еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар орынланыўын бақлаў қылыў басқармасы негизинде министирликтиң жазаны орынлаў бас басқармасы жанындағы Пробация хызмети шөлкемлестирилген.

Хош, пробация атамасы нени аңлатады? деген сораў туўылады, бул ҳалықаралық атама «сынаў» деген мағынаны аңлатады, мәнисинен шәртли ҳүким қылынған маҳкумлерди қайта тарбиялаў, олардың ҳуқықларын әмелге асырыўдың сыпатын әмелге асырыўды нәзерде тутады.

Пробация хызметиниң дәслепки түрлери орта әсирлерде Англияда пайда болған, буған усы дәўирде қолланатуғын жазалардың жүдә қатты ҳәм аяўсызлығына себеп болған.

Заманагөй пробация хызметин 1841-жылда АҚШ полициясы офицери Жон Августус шөлкемлестирген, буған күтилмеген бир ўақыя себеп болған, күнлердиң биринде суд мәскүнемликке жолыққан ҳуқықбузарды қамақханаға жибереди ҳәм үш ҳәптеден кейин ҳүким оқылыўын мәлим қылады, ҳүким оқылатуғын күни ҳуқуқбузар полиция офицери Жон Августус биргеликте көтериңки рухта кирип келеди, ҳәмме ҳуқуқбузардың сыртқы көриниси ҳәм ҳулық-атворы түптен өзгергенлигинен ҳайран халады, кейиншелик мәлим болыўынша, Жон Августус ҳуқуқбузарды бақлаўға алып, мийнет пенен қайта тарбиялаған екен, сол арқалы суд ҳәм адамлар аңында шахсты жазалаў емес, бәлким қайта тарбиялаў арқалы жынаятлардың алдын алыў мүмкинлиги ҳаққында түсиниклер пайда болған.

Демек, пробация мийнетке дүзетиў ислери, мәжбүрий жәмийет ислери, азатлықтан шеклеў, арнаўлы ҳуқықтан айырыў жазасы тайынланған
ҳәм шәртли ҳүким қылынған шахсларды бақлаў қылыў дегенди аңлатады.

Ҳәзирги ўақытта көп мәмлекетлерде пробация хызметинен пайдаланылады. Мысалы ушын қоңысы Қазақстанды алатын болсақ, шәртли рәўиште жазаға тартылғанлар(6858)ниң 37 пайызына пробация қолланған, нәтийжеде улыўма маҳкумлердиң 202 қайта жынаятқа қол урған болса, пробацияға түскенлердиң
15, яғный 7,4 пайызы тәкирарий жынаят сәдир еткен.

Буннан жуўмақ қылсақ, жынаят сәдир етилиўдиң алдын алыўда ҳәмде маҳкумлерди мийнет пенен тәрбиялаўда пробацияның орны үлкен.

Ҳәзирги күнде Норвегия, Дания, Нидерландия, Швейцария ҳәм басқа бир қатар раўажланған мәмлекетлердиң пробация бөлимлеринде психологлар ислейди, буның ушын өз алдына хызмет ханалары ҳәм заллары шөлкемлестириледи, олар бақлаўындағы ҳәр бир шахс пенен жеке сәўбет өткерип барады, оларға психологик жәрдем көрсетеди, руҳый ҳалаты, машқалаларын анықлайды, сынақ дәўиринде сол машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған усыныслар береди, психологик усылларды қоллаған ҳалда бақлаўдағы шахслардың социаллық-психологик портрети дузиледи.

2020-жыл 14-февралда ҳүкиметтиң «Ишки ислер органлары пробация хызмети хызметин сыпатлы шөлкемлестириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»гы 84-қарары қабыл қылынды, оған муўапық 1-мартдан бақлаўдағы шахсларға социаллық-ҳуқуқый ҳәм психологик жәрдем көрсетиў бойынша министирлик ҳәм мекемелер ортасында бирге ислесиў жолға койылыўы белгиленди.

Сонлай-ақ, юридик жөнелистеги жоқары билим мекемелериниң бақлаўдағы шахслардың психологик портретин үйрениў бойынша арнаўлы темалар киритилиўи ҳәмде психология жөнелисинде оқып атырған студентлердиң пробация бөлимлеринде әмелият өтеўи нәзерде тутылған.

Жуўмақлап айтқанда, пробация хызмети бақлаўдағы шахслардың социаллық масласыўы, оқыў ҳәм жумысқа орналасыўына көмеклеседи ҳәмде олар тәрепинен қайта жынаят сәдир етиўиниң алдын алыўға қаратылған ис-илажларды әмелге асырады.

 

Жынаят ислери бойынша

Шымбай районы суды баслығы                                                             А.Хожанов

 

 

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content