Районымыздағы Ташкент мамлекетлик аграр университети Нокис филиалы академиялык лицейинде «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыӯы болып өтти.Бунда жаслар өзлериниң қызықтырған сораӯлары менен район ҳәкимине ҳәм райондағы сектор басшыларына мүрәжат етип район ҳәкими тәрепинен мүрәжатлар унамлы шешим тапты.