Миннетлемени орынлаўға фермер хожалығының мал-мүлки жетерли болмаған жағдайда, фермер хожалығының миннетлемелери бойынша фермер хожалығы басшысы өзине тийисли мал-мүлк пенен субсидиар жуўапкер болады

Миннетлемени орынлаўға фермер хожалығының мал-мүлки жетерли болмаған жағдайда, фермер хожалығының миннетлемелери бойынша фермер хожалығы басшысы өзине тийисли мал-мүлк пенен субсидиар жуўапкер болады

13.04.2021 18:04:36 296 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының ҳал қылыў қарарына тийкарланып районлық мәмлекетлик салық инспекциясы пайдасына жуўапкер «Т.Р» фермер хожалығынан 6.826.444,24 сўм қарызын өндириў ҳаққында 2019-жыл 07-июль күни орынлаў хат берилген. Лекин, 6.826.444,24 сўм қарыздарлық өндирилмеген.    

Усы орынлаў ҳүжжети тийкарында Мǝжбүрий орынлаў бөлими мǝмлекетлик орынлаўшысы тǝрепинен орынлаў иси қозғатылған ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы район бөлими тәрепинен суд ҳүжжетин орынлаў даўамында суд ҳүжжетин орынлаў ушын фермер хожалығыныӊ пул қаржылары ҳәм мал-мүлки жоқлығы анықланып, бул ҳаққында дǝлалатнама дүзилген ҳǝм 2020-жыл 15-февраль күни орынлаў исин тамамлаў ҳақкында қарар қабыл етилген. 

Сонлықтан, арза бериўши районлық мәмлекетлик салық инспекциясы орынлаў ҳүжжетиниң орынлаў тәртиби ҳәм усылын өзгертип, өндириўди «Т.Р» фермер хожалығыныӊ баслығы Ю.Ж.Р.тиӊ пул қәрежетлери ҳәмде басқа мал-мүлкине қаратыўды сораған.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
342-статьясының биринши бөлимине муўапық, орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўға тосқынлық қылатуғын объектив жағдайлар болғанда суд мәмлекетлик орынлаўшының, өндириўшиниң яки қарыздардың арзасы бойынша суд ҳүжжетиниң орынланыўын кешиктириўге яки бөлип-бөлип орынлаўға, орынлаў усылын ҳәм тәртибин өзгертириўге ҳақылы.

Өзбекстан Республикасының 2001-жыл 29-августтеги «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының 483статьясының биринши бөлимине муўапық, юридикалық шахстың қарызлары бойынша, соның ишинде, оның мал-мүлки орынлаў ҳүжжетиндеги талапларды орынлаў ушын жетерли болмағанда, өндириў суд ҳүжжети тийкарында, нызамда белгиленген шәртлерде ҳәм тәртипте усы юридикалық шахстың мүлкдарларының, шөлкемлестириўшилериниң ҳәм ағзаларының (қатнасыўшыларының) пул қаржыларына ҳәмде басқа мал-мүлкине қаратылыўы мүмкин.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының 2004-жыл 26-август күнги «Фермер хожалығы ҳақкында»ғы Нызамының 35-статьясы екинши бөлимине муўапық, фермер хожалығының мал-мүлки жетерли болмаған жағдайда, фермер хожалығының миннетлемелери бойынша өзине тийисли мал-мүлк пенен нызам ҳүжжетлерине муўапық субсидиар жуўапкер болады.

Сонлықтан, судтыӊ 2020-жыл 18-декабрь күнги уйғарыўы менен арза қанаатландырылып, суд ҳүжжетиниң орынлаў тәртиби ҳәм усылы өзгертилген, 6.826.444,24 сўм қарызды өндириў «Т.Р» фермер хожалығыныӊ баслығы Ю.Ж.Р.тиӊ пул қаржылары ҳәмде басқа мал-мүлкине қаратылған.

 

Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ

экономикалық ислер бойынша судьясы                                              

С.Ниязов

Пайдалы ресурслар
Skip to content