Инвесторлар ҳуқықларын қорғаў айрықша итибарда

Инвесторлар ҳуқықларын қорғаў айрықша итибарда

13.04.2021 14:52:26 511 Баспаға шығарыў

 

Пуқаралардыӊ, исбилерменлик субъектлериниӊ ǝдил судлаўға ерисиў дǝрежесин жақсылаў мақсетинде 2020-жыл 24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Судлар искерлигин жǝнеде жетилистириў ҳǝм ǝдил судлаў нǝтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы  Пǝрманы қабыл етилди.

Пǝрманда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында инвестициялық тартыслар ҳǝм бǝсекиге байланыслы ислерди көриўши судлаў қурамын шөлкемлестириў ҳǝмде усы категориядағы ислерди көриў бойынша ўǝкилликлерди белгилеў лазымлығы нǝзерде тутылған.

Пǝрман тийкарында бир қатар Кодекслерге де өзгерислер киргизилди, солар катары Өзбекстан Республикасыныӊ 2021-жыл           12-январдағы  Нызамы менен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине де өзгерислер киритилип, экономикалық судлар тǝрепинен инвестициялық шǝртнамалардан келип шыққан тартыслар ҳǝм бǝсекиге байланыслы қатнасықлардан келип шыққан ислер көрилиўи белгиленди.

Бунда, инвестициялық тартыслар бойынша ири көлемли яғный йирик инвесторлар, бǝсекиге байланыслы ислер бойынша тǝреплер өз қǝлеўлерине көре, даўа арза менен тиккелей Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына, қалған инвестициялық тартыслар бойынша болса, инвестордыӊ қǝлеўине көре, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўǝлаятлар ҳǝм Ташкент қаласы судларында мүрǝжат етиўлери мүмкин.

Сондай-ақ, инвестор яки бǝсекиге байланыслы ислер бойынша тǝреплер өз қǝлеўлерине көре, районлар аралық, район (қала) экономикалық судларына да даўа арза менен мүрǝжат етиўлери мүмкин.

Енди, қайсы орында жайласқан экономикалық судларға мүрǝжат етиў лазым деген сораў туўылыўы мүмкин.

Бул мǝселеге анықлық киритетуғын болсақ, инвестициялық тартыслар ҳǝм бǝсекиге байланыслы ислер бойынша даўалар жуўапкер жайласқан орындағы судқа тийисли есапланады.

Инвесторлар тǝрепинен судқа даўа арза бериўде даўа арзаға ǝлбетте инвестиция шǝртнамасыныӊ көширме нусқасы, ири инвесторлар яғный йирик инверторлар болса, өзлериниӊ ири инвестор екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди қосымша қылыўлары зǝрүр.

Бул киргизилип атырған өзгерислер ǝлбетте инвесторлардыӊ ҳуқықларын қорғаўға берилип атырған айрықша итибар десек болады.

 

Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ

экономикалық ислер бойынша судьясы

Спартак  Ниязов.

Пайдалы ресурслар
Skip to content