Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен аймақларда «Мәҳәллебай» ислеў системасын жолға қойыў мақсетинде психологик топарлар тәрепинен Шымбай районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминде райондағы аўыр аймаққа кириўши «Пашенттаў» ҳәм «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары, орынбасарлары ҳәмде профилактика инспекторлары ушын әмелий психологик тренинг шөлкемлестирилди. Буннан гөзленген мақсет мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды «Мәҳәллебай» тәризде жуўапкер хызметкерлердиң пуқараларға жеткериўи, аўыр аймақларда хызмет етип атырған хызметкерлер ҳәмде пуқаралардың психологик ҳәмде социаллық жағдайларын терең үйрениў ҳәмде анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша системалы жумысларды жолға қойыў , сондай-ақ айрықша топарларға кириўши шаңарақлар ҳәмде пуқаралар менен ислесиўде хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин асырыўдан ибарат болып есаланады.