Бүгинги күнде дунья жүзинде гүзетилип атырған коронавирус пандемиясы себепли, бир неше мәмлекетлерде халықты дизимге алыўды өткериў мүддетлерин кейинги жылларға көшириў шараларын көрмекте. Сондай-ақ, 2020-жылда Россия Федерациясы, Казақстан ҳәм Армения Республикаларында өткериў режелестирилген халықты дизимге алыў илажлери 2021-жылға көширилди.
Бәршемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2019-жыл 5-февральдағы Пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў 2022-жылда өткерилиўи белгиленген еди. Халықты дизимге алыў илажи кең көлемли, көп ўақыт ҳәм үлкен қаржы талап ететуғын илаж болып, оны өткериў ушын 2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып барыўды талап етеди.
Республикамызда ғәрессизлик жылларында халықты дизимге алыў илажи биринши мәрте өткерилип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлери ҳаққында”ғы 710-санлы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажи 2023-жылда өткерилиўи белгиленди.
Шымбай районы статистика
бөлими қәнигеси Ф.Еримбетов