ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНЕ 28 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ШЫМБАЙ РАЙОНЫНДА САЛТАНАТЛЫ БАЙРАМ ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНЫҢ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНЕ 28 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ШЫМБАЙ РАЙОНЫНДА САЛТАНАТЛЫ БАЙРАМ ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

09.04.2021 17:18:32 403 Баспаға шығарыў

1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы елимизде миллий нызамшылықтыӊ тийкары сыпатында пуқаралар еркинликлери ҳəм мəплери жолында хызмет етип келмекте. Жəмийетте əдиллик принциплерин орнатыўда əҳмийетли ҳүжжет саналған Конституциямыз – мəмлекетимизде жасаўшы ҳəр бир шахстың ҳуқықларын кепиллейди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген  күн сәне мүнәсибети менен районымызда байрам салтанатлы түрде өткерилди.Илажда  район хәкими А.Тажетдинов Қарақалпақстан Республикаси Конституцияси қабыл етилгениниң 28-жыллығы менен қутлықлады.Байрам кешеси Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content