Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында “Ҳаяллар дәптери”нде дизимде турған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша рәсмийлер қатнасында мәжлис болып өтти. Мәжлисте “Ҳаяллар дәптери”нде дизимде турған пуқараларымызды кәсипке бағдарлаў бойынша жумыс көрсеткишлери додаланды. Атап айтқанда, дизимдеги пуқаралардың кәсип-өнерге ийе болыўы, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, арнаўлы дәрамат дерегине ийе болыў бағдарындағы машқалалар мәжлистиң тийкарғы күн тәртибине қойылды. Соның менен бирге машқалаларға шешим табыў жоллары бойынша тараў ийелерине көрсетпелер берилди.