Районымызда шигит егиси басланды

Районымызда шигит егиси басланды

08.04.2021 18:49:10 494 Баспаға шығарыў

Қарақалпастан дийқаншылық илимий изертлеӱ институтының тәжирийбе хожалығында шигит егисине бағышланған көргизбели семинар кеңеси  болып өтти.

Оған фермер хожалығы баслықлары, аӯыл хожалығына тийисли мәкеме, кәрхана,хызметкерлери, қәнигелер қатнасты.

Семинар  қатнасыӯшылары дәслеп бири мың болсын деп жақсы нийетлер менен туқым шашты.

Бүгинги шигит егисиниң басланыӯы менен жыйналғанларды  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Аўыл хожалығы комплексинде реформаларды әмелге асырыў ҳәмде тараўда инновациялық технологияларды енгизиў мәселелери бойынша кеңесгөйи М.Абдиров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, ҳәм тағы басқа илимпазлар сөзге шығып өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди .

Район ҳәкими А.Тажетдинов быйылғы жылы район дийқанларына шигит егисин қысқа мүддетте егип болыўына табыслар тиледи.

Пайдалы ресурслар
Skip to content