ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНА 28 ЖЫЛ ТОЛДЫ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНА 28 ЖЫЛ ТОЛДЫ

07.04.2021 17:03:55 394 Баспаға шығарыў

Конституция мәмлекетимиздеги жоқары юридикалық күшке ийе болған хуқықый хүжжет болып есапланады. Конституция тийкарында хәм оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басқа нызамшылық хүжжетлери кабыл етиледи.

Конституция жойбары 2 мәрте пүткил халықлық додалаўға қойылып,1993-жыл 9-апрель күни Жоқарғы советтиң 12-шақырық
12-сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў хаққындағы Нызам қабыл етилди.

Конституцияның қабыл етилиўи менен жәмийетлик ҳәм мәмлекет қурылысының барлық салаларындағы қатнасықларды, миллий нызамшылығымыздың бәрше тараўларын тәртипке салыўшы анық ҳуқықый система жаратылды. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилликлери мәмлекет тәрепинен кепилленди.

Сондай-ақ, Конституцияда мәмлекетлик ҳәкимияттың бөлиниўи тийкарында әмелге асырылыўын белгиледи, пикирлердиң көп түрлилигине ҳәмде көп партиялылыққа  тийкар жаратты.

Мәмлекет сиясатындағы түпкиликли өзгерислерди өзинде сәўлелендирген Конституцияда базар қатнасықларына тийкарланған жәмийеттиң экономикалық негизи болған жеке мүлкшилик, еркин исбилерменлик сыяқлы институтлар беккем ҳуқықый тийкарға ийе болды.

Конституциямызда Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланған мәмлекетлик нышанлары – байрағына, гербине ҳәм гимнине ийе екенлиги көрсетилген.

1993-жыл 9-апрель күни және бир әҳмийетли ҳүжжет, Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққындағы Нызамы қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасы мəмлекетлик суверенлигиниң нышаны болып табылады.

Конституция 6 бөлим, 26 бап, 121-статьядан ибәрат.

Хабарыңыз бар кейинги жылларда мәмлекетимизде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы, суд ҳуқық тараўындағы реформалар нәтийжесинде Конституциямызға 1994-жыл, 1995, 1997, 2003 хәм 2014, 2019 (29-июнь ҳәм 16-декабрьде) ҳәм 2021-жыл 12-февраль күни өзгерис хәм қосымшалар киргизилди.

Быйыл мәмлекетимизде үлкен сиясий мапазлардың бири Президент сайлаўы болып өтеди.

Усы жылда сайлаў нызмашылығына киргизилген өзгериске тийкар ендигиден былай сайлаўлар октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи.

Қарақалпақстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе болып сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби Сайлаў кодекси менен тәртипке салынады.

Бүгинги күнде биз конституциялық нормалардың әмелде орынланыўын тәмийинлеўге, халқымыздың турмыс-тәризин жақсылаўға қаратылған бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилип атырғанлығының гүўасы болмақтамыз.

Бул ҳуқықый ҳүжжетлер, әмелге асырылып атырған реформалардың тийкары әлбетте Конституция ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясында өз тийкарын тапқан.

Усы жылдың өзинде (жыл басынан 5-апрель күни ҳалатына) 400 ден артық ҳуқықый ҳүжжетлер, яғный 21 нызам, Қаласазлық кодекси, 338 қарар, соннан Президентимиздиң 68 қарары, 26 Пәрманлары ҳәм басқа ҳүжжетлер (Нызам ҳүжжетлери мағлыӯматлары миллий базасы есапланған – Lex.uz сайтына жайластырылған мағлыӯматлар тийкарында )қабыл етилген.

Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын раӯажландырыӯға байланыслы қабыл етилип атырған ҳүжжетлери, республикамызға сапары даӯамында белгилеп берген ӯазыйпалары тийкарында тек ғана пайтахт Нѳкис қаласында емес, ал ең шетки район ҳәм аӯыллардың келбети, онда жасаӯшы пуқаралардың турмыс тәризи өзгермекте.

2020-жылда тиккелей Қарақалпақстан Республикасына байланыслы,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Қарақалпақстан Медицина институтын шөлкемлестириӯ ҳаққында”ғы, “Қарақалпақстан Республикасында шарӯашылық тармақларын жедел раӯажландырыӯ бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы,  “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ илажлары ҳаққында”ғы Қарарлары, Министрлер Кабинетиниң “2020-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Бозатаӯ районын комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ илажлары ҳаққында”ғы,  “Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы ҳәкимлиги жанында “Арал артемия санаат” мәмлекетлик унитар кәрханасы жумысларын шөлкемлестириӯ илажлары ҳаққында”ғы Қарарлары қабыл етилди.

Усы жылдың 11-ноябрь күни қабыл етилген Президентимиздиң 4889-санлы Қарары Қарақалпақстан халқын үлкен қуӯанышқа бөледи.

Себеби онда, турмысымыздың барлық тараӯларында әмелге асырылатуғын, атап айтқанда инжинерлик-коммуникация, социаллық инфраструктура, санаат өнимлерин ислеп шығарыӯ, аӯыл хожалығын раӯажландырыӯ, хызмет көрсетиӯ көлемин асырыӯ, шәраяты аӯыр болған 45 мәҳәлле ҳәм аӯылда халықтың турмыс шәраятын жақсылаӯ, пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеӯ, жаслар ушын шараятлар жаратыӯ, ҳаяллардың жәмийеттеги ролин асырыӯ сыяқлы тараӯлар қамтып алынған.

Ең әҳмийетлиси усы Президент Қарарында көрсетилген ҳәр бир бәнттиң орынланыўы қадағалаўға алынып, орынланыўы тәмийинленбекте.

Атап айтқанда, бағдарламаға киргизилген 1359 инвестиция жойбарынан 734 (54 пайыз)и иске түсирилип, 4535 жаңа жумыс орны жаратылды. 2021-жылдың ақырына шекем 711 жойбар иске түсирилип, 22 мыңнан артық жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасында шәраяты аўыр топардағы 45 мәҳәлледе 302 шаңарақ “Темир дәптер”ге, 3261 ҳаял-қызлар “Ҳаяллар дәптери”не, 3 мың 464 жас “Жаслар дәптери”не киргизилген.

Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларының ҳәм нызамларының сөзсиз үстинлиги мойынланады.

Жуўмақ орнында соны атап өтиўимиз керек, нызам үстинлигин, нызамшылық ҳүжжетлеринде көрсетилген нормалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы лазым.

Гүллән халқымызды тийкарғы Нызамымыз – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 28 жыллық байрамы менен қутлықлаймыз.

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды судьясы:                                      Н.Балтабаева

       

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content