2020-жыл 25-декабр күни Республика жаслар форумында Президент Ш.Мирзиёев тәрепинен 2021-жылдан баслап «Жыл сәрдары» таңлаўын өткериў баслама қылынған еди.
Усы тийкарда сәрдарлардың өз-ара досласыўы, тәжрийбе алмасыўы арқалы олардың социаллық белсендилигин асырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, жетекшилик ҳәм басламашылық, дөретиўшилик қәбилетлерин раўажланыдырыў, сондай-ақ ен жайдырыў мақсетинде Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси, Жаслар ислери агентлиги, Халық билимлендириў бөлими, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими менен биргеликте «Жыл сәрдары» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди.
Мәденият орайында өткерилген таңлаўда «Камалак» 10-14 жас, «Аўқам» 14-18 жас тайыпасы бойынша 4 шәрт тийкарында оқыўшы жаслар өз билимлерин сынақтан өткерди.
«Мен сәрдарман», «Мениң бос ўақтым», «Интеллектуал ринг», «Мениң келешегим» атамасындағы шәртлер тийкарында сәрдарлар өзлериниң әмелге асырған искерлиги ҳәмде келешекте ийелемекши болған кәсиплерин көркем шығыўлар арқалы баян етти.
Төреши қурамы тәрепинен белгиленген баҳалар бойынша 10-14 жас тайыпасынан 44-санлы мектеп оқыўшысы Б.Ҳәмидуллаев, 14-18 жас тайыпасы бойынша 22-санлы мектеп оқыўшысы Ш.Боранбаевалар жеңимпаз деп табылды ҳәм таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими баслығы И.Зарликов ҳәм Халық билимлендириў бөлими баслығы И.Ҳәмидуллаев жеңимпаз сәрдарларды қутлықлады, сондай-ақ диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.