Бүгинги күнде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы депутатлық топары ағзалары, өзлери сайланған аймақларында 105 шаңарақта “Маҳаллабай үйрениўлер” алып барылып соннан “Хаяллар дәптери”не 45 пуқара,”Жаслар дәптери”не 23 пуқара “Темир дәптер”ге 13 пуқара қамтып алынып, бүгинги күнде басқышба-басқыш камбағалықтан шығарыў илажлары көрилмекте.
2021 жылы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылы мүнәсибети менен, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан, Халық депутатлары Шымбай районлық Кенесине 12-санлы «А.Қаниязов» сайлаў округинен депутат Жарылкасын Бердимуратов өз аймағында, районлық Медицина бирлеспеси менен биргеликте «Камыс-арық» АПЖ ны «Үш бас» аўылында «Саламатлық акциясы» шөлкемлестирилди, акцияны өткериўдеги тийкарғы мақсет аўыл турғынларына қолайлықлар жаратыў мақсетинде көшпели медициналық көриктен өткериў ҳәм сол жердиң өзинде шыпакерлер тәрепинен тийисли мәсләҳәтлер берилип бийпул дәри-дәрмақлар тарқатылды.