Район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Сулайманов Азамат Мамбеткаримович тайынланды. Мағлыӯмат ушын Азамат Сулайманов усы күнге шекем Шымбай районы ҳәкиминиң руӯхый ағартыӯшылық жумыслары нәтийжелилигин асырыӯ, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиӯин тәмийинлеӯ мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаӯазымында ислеп келди.