Социаллық тармақлар арқалы келип түскен Шымбай районы Оржап мәкан пуқаралар жыйыны аймағына қараслы «Оржап» кѳшесиниң ишки жолларын оңлаӯ мәселеси бойынша кѳше турғынларынан келип түскен мүрәжат Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды ҳәм мүрәжатты район ҳәкимлигиниң жуўаплы хызметкерлери менен орнына барған ҳалда үйренилип, кѳше турғынлары менен сәўбетлесиў ѳткерилди ҳәм «Оржап» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы 2021 жылғы «Абат аўыл» дәстүрине киритилгенлиги ҳәм мүрәжатда кѳрсетилген «Оржап» кѳшесиниң ишки жолын дәстүрге тийкар, тез күнлер ишинде оңлаӯ жумыслары басланатуғынлығы түсиндирилип ѳтилди.