Исбилерменлик жумысының раўажланыўы өним жеткизип бериў менен байланыслы мүнасабетлер көлеми өспекде. Себеби исбилерменлик субъектлери ортасында товарлар жеткизип бериў менен байланыслы қатынасықлар тийкарынан өним жеткизип бериў шәртнамасы арқалы әмелге асырылады.
Өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши-сатыўшы шәртлесилген мүддетде яки мүддетлерде өзи ислеп шығарған яки сатып алатуғын товарларды исбилерменлик жумысында пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мәқсет лерде, рузыгершилик ҳәм соған уқсас мәқсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мәқсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы товарларды қабыллап, олардың ҳақысын төлеў мәжбүриятын алады.
Бундай шәртнамалар бир жылға яки бир жылдан артық мүддетге ямаса тәреплер келискен мүддетге дүзиледи.
Исбилерменлик субъектлери ортасында товарлар жеткизип бериў менен байланыслы қатынасықлардан келип шығатуғын даўлардың бири тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған товарды жеткизиў менен байланыслы даўлар есапланады.
Тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған товарды жеткизиў сыпатсыз, стандарт емес ҳәм комплект емес товарларды жеткизип бериў түсиниледи.
Белгиленген тәртипте стандартлар ҳәм метрология қағыйдалары, техникалық шәртлер ҳәм үлгилерге (эталонлар) қылап рәўиште шығарылған товарлар пайдаланыўға жарамлы яки жарамсызлығына қарамастан стандарт емес деп есапланады.
Стандартлар, техникалық шәртлер, үлгилер (эталонлар) менен нәзерде тутылған деталларсыз, аўысық бөлеклерсиз ҳәм басқа элементлерсиз шығарылған товарлар комплект емес товарлар есапланады.
Сатып алыўшыға сыпаты тийисли дәрежеде болмаған товар сатылғанда, сатып алыўшы басқа товарға алмастырыўға, баҳасын кемейтиўге, көрилген зыянды қаплаған ҳалда шәртнаманы бийкар етиўге, товардаға кемшиликлерди сапластырыўға кеткен қәрежетлерин талап етиўге ҳақылы.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодексиниң 236-статьясына муўапық мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Ауыл хожалыгында шартнама мажбуриятларын орынамаганлык яки лазым дарежеде орынламаганлык ушын жууапкершиликтин хукыкый тийкарлары ишинде Озбекстан Республикасы Пукаралык кодекси айрыкша орын тутады. Кодексте мажбуриятларды орынлау, мажбуриятлардын орынланыуын тамийинлеу, мажбуриятларды бузганлык ушын жууапкершилик сыяклы бапларында мажбуриятлардын мажбурият шартлерине хам нызам хужжетлери талапларына мууапык, бундай шартлер хам талаплар болмаганында ис катнасыклары адетлерине яки адетте койылатугын баска талапларга мууапык лазым дарежеде орынланыуы, неустойка, онын турлери, карыздардын зыянды толеу мажбурияты, мажбуриятларды бузганлык ушын жууапкершилик тийкарлары, жууапкершиликтен азат етиу тийкарлары хам баска маселелер жарытылган.
Шартнама мажбуриятын орынламаслык яки лазым дарежеде орынламаслык ушын жууапкершилик дегенде, шартнама бойынша жузеге келген мажбуриятларды улыума орынламаган яки лазым дарежеде орынламаган тарепке колланылатугын мажбурий тасир шаралар тусиниледи.
Мажбуриятларды бузганлык ушын колланылатугын жууапкершилик кагыйда бойынша шартнамалы характерге ийе болганлыгы себепли, шартнамалы жууапкершилик деп аталады.
Аỹыл хожалығы саласында шәртнамалар бойынша тәреплердиӊ жуỹапкершилиги Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекиниӊ 324-339-статьялары талапларына муỹапық белгиленеди.
Соныӊ менен бирге бул саладағы шәртнамалы жуỹапкершилик мәселелери Өзбекстан Республикасыныӊ 1998 жыл 29 августтағы «Хожалық жүритиỹши субъектлер жумысыныӊ шәртнамалы-хуқықый базасы хаққында»ғы Нызамы менен де тәртипке салынады.
Экономикалық судларында аỹыл хожалығы саласында контрактация шәртнама мәжбүриятларын орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық жүзесинен пайда болатуғын көплеген даỹлар каралады.
Бул даўлардын пайда болыỹына айырым жағдайларда ауыл хожалығы өнимин жеткерип бериỹшилер тәрепинен таярлаỹшыға белгиленген мүддетте ҳәм белгиленген көлемде өнимлерди жеткерип бермегенлиги себеп болса, ал айырым жағдайларда, таярлаỹшы кәрханалар тәрепинен жеткерип берилген өнимлердиӊ хақын төлемеслик ямаса оны төлеỹден бас тартқанлығы себеп болмақта.
Өзбекистан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Мәжбүриятларды орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы Қарарының 4-бәндинде Пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен мәжбүриятларының орынланыў дәрежесин, мәжбүриятта қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәплерин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтириўге ҳақылы деп белгиленгенлигин.
Шәртнама интизамын бузғанлық ушын жоқарыда атап өтилген мүлкий жуўапкершилик яғный зыян, пеня ҳәм жәрийма түринде неустойка өндириўлерден тысқары, ҳәкимшилик жуўапкершиликде ҳәкимшилик жуўапкершиликде әзерде тутылған.
Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 176[1]-статьясына муўапық шәртнама мәжбүриятларын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламаслық ақыбетинде хожалық жүргизиўши субъектлерге мүлкий зыян жеткизиў, лаўазымлы шахсларға ең кем ис ҳақының он есесинен он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады делинген.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды судьясы: Н.Балтабаева