ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯСЫНА ӨЗГЕРИС КИРИТИЛДИ

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯСЫНА ӨЗГЕРИС КИРИТИЛДИ

31.03.2021 17:07:22 261 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 8-февраль күнги  “Сайлаў нызамшылығы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы Нызамы менен Өзбекстан Республикасының Конституциясының 117-статьясының екинши бөлимине өзгерис киритилип, ендигиден былай Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң Нызамшылық палатасына ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекет ҳәкимияты ўәкиллик органларына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда – декабрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде емес, ал октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткизилетуғын болды.

Буннан тысқары, Конституцияның 107-статьясының биринши бөлими жаңа редакцияда: “Өзбекстан Республикасында суд системасы Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, әскерий судлар, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары, пуқаралық ислери бойынша районлар аралық, район, қала судлары, жынаят ислери бойынша район, қала судлары, районлар аралық, район, қала экономикалық судлары ҳәм районлар аралық ҳәкимшилик судларынан ибарат” деп баян етилиўи белгиленди.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша судьясы                                    Б.Ктайбеков

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content