Район ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында “Ҳаяллар дәптери”нде дизимге алынған ҳаял-қызларға берилип атырған жәрдемлердиң орынланыў барысын үйрениўге бағышланған ушырасыў мәжилиси өткерилди.Илажды район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Н.Толыбаева алып барды.Сондай –ақ ушырасыӯға район ҳәкиминиң орынбасары З.Ержанова райондағы мәкан,аӯыл пуқаралар жыйыны баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары қатнасты. Ашық сәӯбеттиң тийкарғы мақсети райондағы «Ҳаяллар дәптери»не дизимге алынған ҳаял-қызларға берилип атырған жәрдемлердиң орынланыӯ барысы бойынша ҳәм бул бойынша аймақларда ушырасып атырған машқалалар сөз етилди.Мағлыӯмат орнында районымызда 1350 ҳаял-қыз дизимге алынған.