Исбилерменлик жумысының раўажланыўы өним жеткизип бериў менен байланыслы мүнасабетлер көлеми өспекте. Себеби исбилерменлик субъектлери ортасында товарлар жеткизип бериў менен байланыслы қатнасықлар тийкарынан өним жеткизип бериў шәртнамасы арқалы әмелге асырылады.
Өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши-сатыўшы шәртлесилген мүддетде яки мүддетлерде өзи ислеп шығарған яки сатып алатуғын товарларды исбилерменлик жумысында пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мәқсетлерде, рузыгершилик ҳәм соған уқсас мәқсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы товарларды қабыллап, олардың ҳақысын төлеў мәжбүриятын алады.
Бундай шәртнамалар бир жылға яки бир жылдан артық мүддетге ямаса тәреплер келискен мүддетке дүзиледи.
Исбилерменлик субъектлери ортасында товарлар жеткизип бериў менен байланыслы қатынасықлардан келип шығатуғын даўлардың бири тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған товарды жеткизиў менен байланыслы даўлар есапланады.
Тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған товарды жеткизиў сыпатсыз, стандарт емес ҳәм комплект емес товарларды жеткизип бериў түсиниледи.
Белгиленген тәртипде стандартлар ҳәм метрология қағыйдалары, техникалық шәртлер ҳәм үлгилерге (эталонлар) қылап рәўиште шығарылған товарлар пайдаланыўға жарамлы яки жарамсызлығына қарамасдан стандарт емес деп есапланады.
Стандартлар, техникалық шәртлер, үлгилер (эталонлар) менен нәзерде тутылған деталларсыз, аўысық бөлеклерсиз ҳәм басқа элементлерсиз шығарылған товарлар комплект емес товарлар есапланады.
Сатып алыўшыға сыпаты тийисли дәрежеде болмаған товар сатылғанда, сатып алыўшы басқа товарға алмастырыўға, баҳасын кемейтиўге, көрилген зыянды қаплаған ҳалда шәртнаманы бийкар етиўге, товардағы кемшиликлерди сапластырыўға кеткен қәрежетлерин талап етиўге ҳақылы.
Егер жеткизилген товар сыпаты, сорты, ассортименти бойынша стандартларға, эталонларға, техникалық шәртлерге, сондай-ақ, шәртнама яки нызамда белгиленген мәжбүрий шәртлерге жуўап бермесе, сатып алыўшы товарларды қабыллаўдан бас тартып, ҳақысын төлемеўге, сыпатсыз товарлардың 20 пайызы муғдарында жәрийма өндириўди талап етиўге ҳақылы.
Жәрийма өндириў сыпатсыз өним жеткизип бериўшиден акцептсиз тәртипте әмелге асырылады. Жәрийма өндириў ҳаққындағы төлеў талапнамасы банкке товарлардың сыпатсыз екенлиги ҳаққындағы акт дүзилгеннен кейин он күн ишинде усынылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына муўапық мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Сонлықтан, шәртнама тәреплери болған хожалық жүритиўши субъектлер шәртнама миннетлемелерин өз ўақтында ҳәм сыпатлы орынламағанлық нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўапкершиликке алып келиўине айрықша итибар қаратыўы лазым болады.
Қарақалпақстан Республикасы судының
экономикалық ислери бойынша судьясы: Г.Ешназарова