Мүражатлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте көрип шығылмақта

Мүражатлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте көрип шығылмақта

29.03.2021 18:14:28 389 Баспаға шығарыў

ϴзбекстан Республикасы Конституциясының 35-статьясына муўапық, ҳәр бир шахс тиккелей өзи ҳәм басқалар менен биргеликте ўәкилликли мәмлекет органларына, мекемелерге яки халық ўәкиллерине  арза, усыныс ҳәм шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе. Арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығылыўы шәрт.

Конституцияда белгиленген шахслардың мүрәжат етиў ҳуқықы “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүражаатлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы арқалы әмелге асырылмақта.

Нызамға муўапық, келип түскен арза яки шағым 15 күн ишинде, қосымша үйрениў, тексериў яки қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилген жағдайларда бир айға шекемги мүддетте көрип шығылыўы мүмкин. Нызамға муўапық, бул мүддет тийисли мәмлекетлик уйымының баслығы тәрепинен көби менен бир айға созылыўы мүмкин. Ал, усыныс түриндеги мүрәжат болса бир айға шекемги болған мүддетте үйренилип, көрип шығылады.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен де физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүражаатлары Нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығылмақта.

2020 жылы Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларына   жәми 62 мүрәжатлар келип түскен, 1 мүрәжат өткен жылдан қалдық болып өткен. Келип түскен жәми 62 мүрәжатлардан 6 мүрәжат дубликат мүрәжат есапланады.

Үйренилген жәми 63 мүрәжатлардан 38 мүрәжат  ϴзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабылханасы арқалы, 9 мүрәжат  Халық қабылханасы арқалы,  9 мүрәжат ϴзбекстан Республикасы  Бас Ўәзириниң  виртуал қабылханасы арқалы келип түскен болып,  7 мүрәжат тиккелей  физикалық ҳәм юридик шахслардың өзлеринен келип түскен.

Барлық мүрәжатлар Нызамда белгиленген мүддетлерде көрип шығылған.

Мүражатлар үйренилгенде, бул мүрәжатлардан 33 мүрәжат  суд ҳүжжетинен наразылығы жүзесинен, 1 мүрәжат суд ҳүжжетин ўақтында ала алмағанлығы жүзесинен, 4 мүрәжат суд хызметкерлериниң ҳәрекетлери жүзесинен,  қалған 25 мүрәжатлар басқа мазмундағы мәселелер бойынша берилген.

Басқа мазмундағы мүрәжатлардың көпшилиги ҳуқықый жәрдем сорап берилген мүрәжатлар болып, мүрәжат ийелери пул қаржыларын өндириўде әмелий жәрдем бериўди сорап мүрәжат еткен.

Бундай мүрәжат ийелерине Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексинде белгиленген тәртипте даўа арза менен мүрәжат етиў, ал тәреплердиң экономикалық ислер бойынша  қабыл қылынған суд қарарларынан наразы болып жазған арзаларына олардың билдирген ўәжлерине тиккелей суд мәжлисинде тийисли ҳуқықый баҳа берилиўи керек болғанлықтан белгиленген тәртипте  апелляциялық, кассациялық арза менен мүрәжат етиўи мүмкинлиги ҳаққында түсиндирмелер берилмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы:                                                                              Г.Зарипова

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content