Инвесторлардың ҳуқықы нызам қорғаӯында

Инвесторлардың ҳуқықы нызам қорғаӯында

29.03.2021 18:11:52 251 Баспаға шығарыў

 

ϴзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискен пайыттан баслап инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға, шет ел ҳәмде мәҳәллий инвесторлардың мәплерин қорғаў барысындағы ҳуқықый механизмлерди жетилистириўге қаратылған ис-илажларға айрықша итибар қаратып келмекте. Соңғы жылларда республика Президенти ҳәм Ҳүкимети тәрепинен усы жөнелисте бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл қылынды.

Усы ис-илажлардың даўамы сыпатында ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 24 июльдағы “Судлар жумысын жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин асырыўға  байланыслы ис-илажлар         ҳаққында”ғы  ПФ-6034-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманның 3-бәнди менен ϴзбекстан Республикасы Жоқары суды, ϴзбекстан Республикасы Президенти қасындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәмде Саўда-санаат палатасының Жоқары суд дүзилмесинде жигирма миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдарда инвестицияни әмелге асырған физикалық яки юридик шахслар  яғный ири инвесторлар ҳәмде мәмлекетлик органлардың ортасында жүзеге келетуғын инвестициялық даўлар  ҳәмде  бәсекиликке байланыслы ислерди көриў ўәкиллиги берилген судлаў қурамын дүзиў ҳаққындағы усынысы мақулланды.

Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Суд қарарларын қайта көриў институты жетилистирилиўи мүнәсебети менен ϴзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы ϴзбекстан Республикасының 2021 жыл  12 январьдағы ЎРҚ-663-санлы Нызамы қабыл қылынды.

Усы Нызам менен ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине  (кейинги орынларда-ЭПК деп жүритиледи) бир қанша өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.

ЭПКниң 25-статьясына киргизилген өзгерис ҳәм  қосымшаларға көре, ендиликте экономикалық судтың судлаӯына инвестициялық даўлар бойынша ислер ҳәмде бәсекиликке байланыслы ислер де тийисли есапланады.

Бунда, инвестициялық даўлар бойынша ислер, даўа келип шыққан ҳуқықый қатнасықтың қатнасыўшысы юридик яки физикалық шахслар болыўына қарамастан, экономикалық суд тәрепинен көрилиўи белгиленди.

Жаңадан толтырылған ЭПКниң 301-статьясына көре, инвестициялық даўлар бойынша ислерге төмендегилер киреди:

инвестиция шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиў менен байланыслы даўлар, инвестиция шәртнамаларын ҳақықый емес деп табыў ҳаққындағы даўлар, инвестиция шәртнамасының орынланыўы менен байланыслы даўлар,  инвестиция шәртнамасынан келип шығатуғын салық, бажыханаға байланыслы, социаллық, экологик мәжбүриятлардың ҳәм басқа мәжбүриятлардың инвестор тәрепинен орынланыўы менен байланыслы даўлар,  инвестиция шәртнамасы бойынша инвесторға берилген мал-мүлкти талап етип алыў, сондай-ақ бундай шәртнама бойынша неустойка өндириў ҳәм (яки) зиянлардың орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар.

ЭПКниң 32-статьясы болса инвестициялық даўлар бойынша ири инвестордың, бәсекиликке байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине көре усы таипадағы ислер тиккелей ϴзбекстан Республикасы Жоқары суды тәрепинен, қалған инвестициялық даўлар, яғный ири инвестор болмаған инвесторлар қатнасыӯындағы даӯлар инвестордың қәлеўине көре Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм  Ташкент қалалық суды  тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи ҳаққындағы норма менен толтырылды.

Бунда соны итибарға алыў керек, бундай ислердиң судлаўға тийислилиги инвестор есапланыўшы даўагердиң таңлаўы бойынша әмелге асырылыўы белгиленген.

Егер арза бериўши ири инвестор есапланбаса, ол өз таңлаўына көре районлараралық, район (қала) экономикалық судына яки жуўапкер жайласқан жердеги Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаят, Ташкент қалалық судына мүрәжат етиўи мүмкин.

Егер арза бериўши ири инвестор есапланса, ол өз таңлаўына көре жуўапкер жайласқан жердеги районлараралық, район (қала) экономикалық судына яки ϴзбекстан Республикасы Жоқары судына мүрәжат етиўи мүмкин.

Нызамшылыққа киргизилген бул өзгерислер шет ел инвесторларының ϴзбекстан суд  системасына болған исенимди күшейтириўге, қолай инвестицион орталығын  ҳәм шет ел инвесторлардың ҳуқықларын қорғаўдың нәтийжели механизмин жаратыўға, қурамалы таипадағы ислер қатарына кириўши  инвестициялық ҳәм бәсекиликке байланыслы  ислерди шешиў бойынша бирден-бир суд әмелиятын енгизиўге, исти көриў сыпатының асыўына себеп болады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы:                                                    Г.Зарипова

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content