Алды-сатты шәртнамасы бойынша миннетлемени орынламағанлық неустойка өндириӯ ушын тийкар болады

Алды-сатты шәртнамасы бойынша миннетлемени орынламағанлық неустойка өндириӯ ушын тийкар болады

29.03.2021 18:07:35 267 Баспаға шығарыў

Алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыӯшы) товарды басқа тәреп (сатып алыӯшы)ке мүлк қылып тапсырыӯ миннетлемесин, сатып алыӯшы болса бул товарды қабыл қылып алыӯ ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын төлеӯ миннетлемесин алады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 419-статьясына муӯапық, егер нызам ҳүжжетлери яки алды-сатты шәртнамасының шәртлеринен товар баҳасын  белгили бир мүддетте төлеӯ миннетлемеси келип шықпаса, сатып алыӯшы оны сатыӯшы өзине товарды яки усы товарды бөлистириӯ ҳүжжетлерин бергеннен соң кешиктирместен төлеӯи лазым.

Егер алды-сатты шәртнамасында товар ҳақын бөлип-бөлип төлеӯ нәзерде тутылған болмаса, сатып алыӯшыға тапсырылған товардың толық баҳасы муғдарында ҳақ төлеӯи лазым.

Егер сатып алыӯшы алды-сатты шәртнамасына муӯапық тапсырылған товар ҳақын өз ӯақтында төлемесе, сатыӯшы товар ҳақын ҳәм өзгениң пул қаржыларынан пайдаланғанлық ушын пайызлар төлеӯди талап қылыӯға  ҳақылы.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларында 2020 жыл даӯамында алды-сатты шәртнамасы менен байланыслы 139 ис көрип шығылған болып, соннан 122 ис бойынша даӯа арза қанаатланырылған, 7 ис бойынша даӯа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылған, 7 ис бойынша даӯа арза көрместен қалдырылған, 3 ис  өндиристен қысқартылған. Усы таипада көрилген ислер анализ қылынғанда  бундай даӯлардың пайда болыӯына  көбинесе сатып алыӯшы товар ҳақын ӯақтында төлемегенлиги себеп болғанлығы көринеди.

Мысалы, Нөкис районлар аралық судының 4-2301-2002/1358-санлы иси бойынша  даӯагер “Х” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер “Б” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 27350000 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 13675000 сўм пеня өндириўди сораған. Истеги анықланған жағдайларға қарағанда тәреплер ортасында 2019-жыл 03-декабрь күни 6-санлы алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар даўагер (сатыўшы) жуўапкер (сатып алыўшы)ге затларды жеткериў, ал жуўапкер затларды қабыллап алыў ҳәм төлемлерин төлеў миннетлемесин алған.

Даўагер тәрепинен затлар жеткерип берилген, ал жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери орынланбаған, нәтийжеде жуўапкердиң даўагер алдындағы 27 350000 сўм қарызы пайда болған. Бул 2019 жыл 28 декабрь күнги 7-санлы есап-фактура, сондай-ақ тәреплер ортасындағы 2019-жылы 03-декабрь күнги салыстырыў акти менен тастыйықланады. Даўагер тәрепинен жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы 2020 жыл 12 июнь күни қарыздарлықты төлеў бойынша талапнама жиберилген. Жуўапкер тәрепинен қарыздарлық тән алынған ҳәм даўагерге жәмийеттиң есап бетинен акцептсиз өндирип алыў ҳуқықы берилген.

Жуӯапкердиң қарызы истеги ҳүжжетлер менен толық дәлилленгенлиги себепли  суд даӯаның 27 350000 сўм қарызын өндириӯ талабын тийкарлы деп тапқан ҳәм жуӯапкерден даӯагердиң пайдасына қарыз суммасы толық өндирилген.

Буннан тысқары, даӯагер жуӯапкерден 13 675 000 сўм пеня өндириӯди сораған. Суд даӯаның пеня өндириӯди сораған талабы да тийкарлы екенлигин анықлап, бирақ жуӯапкердиң мүлкий аӯҳалын итибарға алып, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 326-статьясын қоллап, пеняны 4102500 сўмға қанаатландырыӯ ҳаққында  қарар қабыл қылған.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы:                                                               Г.Зарипова

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content