Қараөзек районы Ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң басламасы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында Республика кѳлеминде Қараѳзек районы «Ашық олимпиада»сы Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти. Ашық олимпидаға Республикамыздың 12 районынан 424 тен аслам оқыўшылар қатнасты. Олимпиада социал-гуманитар ҳәм тәбийий пәнлер бағдары бойынша 2 басқыштан ибарат болып, 1-басқыш мәжбүрий пәнлер яғный, ана тили, математика ҳәм Өзбекстан тарийхы, ал 2-басқыш болса, танлаў пәни яғный, өз бағдарлары бойынша билимлерин сынақтан өткерди. Таңлаў жуўмағында 2 бағдар бойынша жеңимпазлар анықланып атап айтқанда социал-гуманитар бағдары бойынша 1-орынды Шымбай районы 10-санлы мектептиң 11-класс оқыӯшысы А.Жаңабаев,2-орынды Шымбай районы 4-санлы мектептиң 11-класс оқыӯшысы А.Муратбаевалар ийеледи.