«Капитал банк» акционерлик-коммерциялық банки (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) менен “J” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) орталарында 2018-жыл 15-сентябрь күни кредит шәртнамасы дүзилип, шәртнамаға тийкар банк тәрепинен жуўапкерге 320.000.000 сўм муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит қайтарылыўын тәмийинлеў ушын даўагер менен “N” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “С” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети (кейинги орынларда қосымша жуўапкерлер деп жүритиледи) орталарында ипотека, гиреў шәртнамалары дүзилип, қосымша жуўапкерлерге тийисли имарат ҳǝм автотранспорт гиреўге қойылған.
Жуўапкер тǝрепинен кредит қарызын қайтарыў кестесине тийкар миннетлеме орынланбағанлығы себепли даўагер экономикалық судқа даўа арза менен мүрǝжат етип, жуўапкерден кредиттен тийкарғы қарызы 320.000.000 сўм, пайыз қарыздарлығы 86.472.048,82 сўмды өндириўди, өндириўди қосымша жуўапкерлерге тийисли гиреў мүлклерге қаратыўды сораған.
Районлар аралық экономикалық судының 2020-жыл 09-октябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қанаатландырылып, жуўапкерден банк пайдасына мүддетинен алдын кредиттен тийкарғы қарызы 320.000.000 сўм, пайыз қарыздарлығы 86.472.048,82 сўм өндирилген, өндириў гиреўдеги қосымша жуўапкерлерге тийисли гиреў мүлклерге қаратылған.
Қосымша жуўапкер “C” ЖШЖ ҳал қылыў қарарына наразы болып, апелляциялық арза берген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 736-статьясы екинши бөлимине муўапық, егер қарыз шǝртнамасында қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нǝзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздыӊ нǝўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздыӊ қалған барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.
Сонлықтан, апелляция инстанция судыныӊ 2021-жыл 01-март күнги қарары менен биринши инстанция судыныӊ ҳал қылыў қарары өзгериссиз қалдырылған.
Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ
экономикалық ислер бойынша судьясы Спартак Ниязов