“Жипек жолы” макан пуқаралар жыйыны аймағында 38-санлы мектебинде “Мәҳәлле – жәмийетимиздиң жарық жүзи ҳәм ҳүждан айнасы” идеясы астында “Мәҳәллелерде миллий қәдириятларды беккемлеў ҳәптелиги” шеңберинде шахмат бойынша кекселер арасында “Ақылға шолыў” жарысы өткерилди.Жарысты шөлкемлестириўдиң мақсети мәмлекетимизде шахматты ғалбаластырыў, кекселер арасында саламат турмыс тәризин қарар таптырыў ҳәм өз-ара мәдений-спорт байланысларын жолға қойыў болып есапланады.
Бул жарыста “Дослық”МПЖ пуқарасы С.Сейтимбетов I-орын, “Кеңес”АПЖ дан А.Алламбергенов II-орын ҳәм “Кенес” АПЖ дан А.Аймурзаев III-орынды ийеледи ҳәм диплом, мақтаў жарлығы менен сыйлықланды. Қатнасыўшыларда номинациялар бойынша сыйлықланды ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.