Сессия күн тәртибинде төмендеги мәселелер қарап шығылды.
Шымбай районы “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан “Гүлистан” мәкан пуқаралар жыйынын шөлкемлестириў ҳаққында.
Шымбай районы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў инспекциясы тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында
Район аймағында “Ҳаяллар дәптери”не ҳәм “Темир дәптери”не киритилген пуқаралар менен ислесиў нәтийжелилигин асырыў ҳәмде “Мәҳәллебай” үйрениўлер бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.
2021-жыл 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикаси Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша мәселелер көрип шығылып тийисли қарарлар қабыл етилди.