Өзимиздиң ҳәм жақынларымыздың денсаўлығына итибарлы болайық!

Өзимиздиң ҳәм жақынларымыздың денсаўлығына итибарлы болайық!

16.03.2020 21:05:54 532 Баспаға шығарыў

Соңғы мағлыўматларға қарағанда Дүнья жүзинде тийкарынан Қытай, Қубла Корея, Япония, Иран ҳәм Италия сыяқлы 100 ден артық мәмлекетлерде коронавирус инфекциясы кең тарқалғанлығы гүзетилмекте. 2020-жылдың 16-март күнги мағлыўматларға қарағанда, Дуньяда коронавирус кеселлиги менен 163611 адам кеселленгени, 6472 адам кеселлик ақыбетинде набыт болған ҳәм де кеселликтен 76059 адам саўалған.


COVID-19 инфекциясы бойынша жүзеге келген бундай жағдай усы кеселликтиң мәмлекетимизге шеттен кирип келиўине себеп болмақта.

Қарақалпақстан Республикасында кеселликтиң республика аймағына кирип келиўиниң алдын алыў бойынша республика муўапықластырыўшы штабы шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына тийкарланып коронавирус инфекциясыниң шеттен кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша жәми 24 қәнигеден ибарат коронавирус инфекциясы гүман етилген наўқас анықланғанда ҳәрекетлениўши оператив топарлар барлық қала ҳәм районларда дүзилди.

Қарақалапақстан Республикасы санитария-эпидемиология тынышлық орайының тапсырмасы тийкарында барлық қала ҳәм районларда санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларында жәми 34 қанигеден ибарат 17 дезинфекция топарлары дүзилген, олар дезинфекциялаў ушын керекли әсбап-үскенелер ҳәм дезинфекциялаўшы затлар менен тәмийинленген.

Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларында коронавирус инфекциясы бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барыў ушын 106 үгит-нәсият топарлары шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан Республикасына жуқпалы кеселликлер, тийкарынан COVID19 инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде, бүгинги күнде мәмлекет шегараларында 3 санитария-карантин пунктлери (СКП) жумыс алып бармақта. Республикадағы СКПларда 3 тепловизор, 8 пирометр, 295 сынаплы термометр, 4 пүркегиш үскенелери, 19 арнаўлы қорғаныў кийимлери, 3 сынама алыў топламы, 3 қыстаўлы жеке профилактика топламлары менен тәмийинленген. Ис жүритип атырған барлық СКПларда санитария-эпидемиология тынышлық орайы қәнигелери ҳәм Республика жуқпалы кеселликлер емлеўханасы инфекционист шыпакерлери бекитилген.

Қәнигелер тәрепинен мәмлекет шегараларын кесип өтип атырған ҳәр бир пухаралардың дене температураларын анықлаў ҳәм улыўмалық саламатлық жағдайын баҳалаў жумыслары әмелге асырылмақта. Буннан тысқарсы кеселлик ошағында болып келген ҳәр бир пуқараның мағлыўматлары алынып орайлық штабқа 14 кўнлик медициналық бақлаўға алыў ушын жиберилмекте.

Егер республикамызда коронавирус пенен кеселленгенлер ҳәм олар менен байланыста болған пуқаралар ушын Нөкис районында 100, Тақиатас районында 100 ҳәм Нөкис қаласында 250 койкаға мөлшерленген орынлар ажратылған ҳәм бәрше шараятлар жаратылган. Егер кеселлик анықланған наўқас дизимге алынса Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 120 орын ҳәм барлық аймақларда 195 орын шөлкемлестирилген.

Жәмийетлик орынларда ҳәм ҳәрекетлениўши транспортларда дезинфекциялаў жумысларын өткериў тийисли қәнигелерге ҳәр 4 сааттан өткериў тапсырылған.

Қарақалапқстан Респубикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайында жайласқан вирусология лабораториясында коронавирусты анықлайтуғын барлық реактивлер менен жетерли дәрежеде тәминленген.

Кеселликтиң алдың алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы пуқаралардан кеселликтиң алдын алыўда жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылыўға ҳәм өз денсаўлығына итибарлы болыўға, егер өзиңизде коронавирус инфекциясы белгилерин сезсеңиз емлеў профилактика мекемелерине, аймақлық поликлиникаларға хабарласыўыңызды усыныс етеди.

Б.Қутлымуратов

Қарақалпақстан Республикасы

Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас шыпакери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

Пайдалы ресурслар
Skip to content