22-март–Мәҳәлле хызметкерлери күни мүнәсибети менен Шымбай районында байрам илажы белгиленип өтилди. Оған район ҳәкими сектор басшылары,ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты. Илажда шығып сөйлегенлер мәҳәлле хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы менен қутлықлап, ҳәр бир шаңарақтың жәмийетимиздиң алға раўажланыўында үлес қосып атырған кәсип пидайыларының жумысларында табыслар тиледи.Сондай-ақ, мәкан, аўыл, пуқаралар жыйыны баслықларына номинация бойынша район ҳәкиминиӊ Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.