Усы жылдың 18-20-март күнлери Самарқанд ўалаятында Жаслар арасында спорттың Самбо гүреси бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Чемпионатқа барлық ўалаятлардан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы атынан жерлеслеримиз қатнасты.
Шымбай районы “Майжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан еки қыз қатнасты ҳәмде жақсы нәтийже көрсетти, яғный 59 кг салмақта Азада Аймуратова 1-орынды ийелеп, усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Азия чемпионатына жоллама алды. Ал Айнура Қуўанышбаева сыйлы 3-орынды ийелеп шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәмде естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын ҳәр еки спортшы қызға Шымбай районлық Балалар, өспиримлер спорт мектебинен Махсуд Пирниязов устазлық етип келмекте.