Наўрыз халқымыздың әсирлер бойы, миллий қәдириятларға бай деп табылған байрамы. Сонлықтан да бул байрамды халқымыз айрықша көтериңкилик пенен белгилеўди дәстүрге айландырған .Шымбай районында Наўрыз байрамы көтериңки руӯҳта даӯам етпекте.Байрамда жыйналғанларды район ҳәкими А.Тажетдинов қызғын қутлықлады.Өткерилген байрам илажларында халқымыздың миллий дәстүрлери, үрп-әдетлери сәўлелендирилди. Көпке инәм етилген бул көринислер жыйналғанлардың кеўилине заўық бағышлады.