Салық есабатын мүддетинде тапсырмаӯ ақыбети

Салық есабатын мүддетинде тапсырмаӯ ақыбети

16.03.2021 15:33:11 362 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының баслығы (баслық орынбасары) тәрепинен он күннен көп болмаған мүддетке қабыл қылыныўы мүмкин. Салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының илтимаснамасына тийкар суд тәрепинен қабыл қылыныўы мүмкин. Бунда салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банк есап бетлери бойынша операциялары суд тәрепинен қарар қабыл қылынғанға шекем тоқтатып турылатуғынлығы белгиленген.

Мине усы мәселеди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы жуўапкер “KEGEYLI SHARUA XAN” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатыўды сорап Шымбай районлар аралық экономикалық судына арза менен мүрәжаат етилген.

Арза ис жүритиў ушын қабыл етилип ҳәм исти көриӯ 2020-жыл
20-декабрь күнине тайынланған.

2020-жыл 20-декабрь күни исти көриӯ барысында жуўапкер “KEGEYLI SHARUA XAN” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети 2020-жылдың сентябрь айындағы қосымша қун салығы бойынша салық есабатын
2020-жылдың 20-октябрь күнине тапсырыӯ лазым болыӯына қарамастан тапсырмаған. Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы орынбасарының 2020-жыл 03-ноябрь күнги қарары менен жуӯапкердиң банктеги бәрше есап бетлери бойынша бәрше шығыс операциялары 10 күнге тоқтатылған.

Соған қарамастан жуӯапкер тийисли салық есабатын тапсырмағанлығы анықланған.

Нәтийжеде, арза бериӯши Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының арзасын қанаатландырылып, Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2020-жыл 20-декабрь күнги
4-2304-2002/694-санлы жуӯапкер “KEGEYLI SHARUA XAN” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ банклердеги барлық есап бетлериниң шығыс бөлеги бойынша операциялар (бюджетке төлемлер, напақа, ис ҳақы айлық төлемлеринен тысқары) есабатлар салық инспекциясына тапсырылғанға шекем тоқтатыӯ ҳәмде жуӯапкер “KEGEYLI SHARUA XAN” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен есабатлар салық инспекциясына тапсырылғаннан соң банклердеги есап бетлери бойынша операциялар тикленетуғынлығы ҳаққында ҳал қылыӯ қарары қабыл етилген.

 

З.Бердимуратов,

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы                                          

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content