Ҳүрметли исбилерменлер

Ҳүрметли исбилерменлер

15.03.2021 11:55:29 438 Баспаға шығарыў

?  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-май күнги “Исбилерменлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы  Пәрманы тийкарында исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды киритиў ҳәм бизнес жүритиў ушын қолай орталықты жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқуқый кепилликлерин беккемлеў саласы бойынша районымызда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, имкәны барынша исбилерменлерге нәтийжели жумыс алып барыўы ушын әмелий жәрдем бермекте.

?  Атап айтқанда ўәкилликли органлар ағзалары менен көшпели қабыллаўлар өткериў режеси тастыйқланып, тастыйқланған кестеге тийкар жәми 15 көшпели қабыллаўлар өткерилди, Бунда 189 киши бизнес субъектлери, фермер хожалықлары, исбилермен болыў ниетинде болған пуқаралар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қатнасып олардан 59 мүрәжат келип түсип бул мүрәжатлардың 51 қанаатландырылды, 8  түсиник берилди.

?  Қабыллаўханаға 2020-жыл даўамында жәми 171 мәселе бойынша 160 мүрәжатлар дизимге алынды. Келип түскен 59 мүрәжат өткерилген көшпели қабыллаўлар арқалы, 73 мүрәжат қабыллыўханаға арқалы, 24 мүрәжат “Исеним телефон” (call center) арқалы, 4 мүрәжат “business.gov.uz” бирден бир интерактив порталы арқалы келип түскен. Дизимге алынған 160 мүрәжатлардан 119 мүрәжат қанаатландырылып, 41 мүрәжатқа ҳуқуқый түсиниклер берилген.

?  “Амирун-Инновацион” ЖШЖ баслығы А.Қулмуратова тәрепинен исбилерменлик ҳәрекетин еледе раўажландырыў мақсетинде “Қишлоқ Қурилиш банк” Шымбай филиалынан айланба қаржысқ ушын 500 млн сўм кредит сорап мүрәжат еткенлигин, бирақ филиал хызметкерлери ҳәр түрли сылтаўлар менен кредит ажыратыўды бир нешше күнлерден берли иркип киятырғанлығын айтып өз мүрәжатын қалдырған еди. Бул мүрәжат бойынша қабыллаўхана тәрепинен тийисли тәртипте үйренип шығылып “Амирун-Инновацион” ЖШЖне “Қишлоқ Қурилиш банк” Шымбай филиалынан 500 млн сўм кредит қаржыларын ажыратыўда жәрдем кɵрсетилди.

?  “Талғат-Мехри” ЖШЖ баслығы Р.Утарбаева тәрепинен жаңадан қурып питкерилген нан цехына Шымбай районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен 380 Квтлы электр энергиясы линиясына жалғап берилиўинде әмелий жәрдем сорап мүрәжат қылды. Бул мүрәжат тийисли тәртипте үйренип шығылып “Талғат-Мехри” ЖШЖниң нан цехына Шымбай районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен 380 Квтлы электр энергиясы линиясына жалғап бериўде жәрдем кɵрсетилди.

?  Жеке исбилермен “Балтабаева Шийринхан” жаңадан ашылған “Мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мекемеси”не Шымбай районындағы мектепке шекемги билимлендириў басқармасы тәрепинен дүзилген шәрнамаға тийкар жеткерип берилиўи тийис болған жумсақ ҳәм қатты инвентарларды алыўда әмелий жәрдем сораған, Бул бойынша қабыллаўхана тәрепинен тийисли тәртипте үйренип шығылып жеке исбилермен “Балтабаева Шийринхан”ға “Мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мекемеси”не Шымбай районындағы мектепке шекемги билимлендириў басқармасынан жумсақ ҳәм қатты инвентарлар алып бериўде жәрдем кɵрсетилди.

?  Қабыллаўхана тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң, шет елли инвесторлардың ҳуқуқлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел қылыныўын тәмийнлеў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыўға тосық болып атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў бойынша жумысларды еледе жедел даўам еттиреди.

 

 

О .Мамбетмуратов.

Шымбай районындағы Өзбекистан Республикасы

Бас министириниң Исбилерменлер мүрәжатларын

көрип шығыў қабыллаўханасы жетекши қәнийгеси.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content